Банклерде өткен айдағы кредит ставкалары 23 процентке шекем өсти. Аманатлар болса 21,2 процентке жеткен.

Июль айында миллий валютадағы кредитлердиң орташа тартылған процент ставкалары 23 процентке жеткен. Бул ҳаққында Орайлық банк хабар берди. Бунда корпоратив кредитлердиң ставкасы 22,5 процент, көтере кредитлердиң ставкасы 23,2 процент болған.

Орайлық банктиң хабарына бола, 2022-жылдың жуўмағы бойынша кредитлер ставкалары 22,3 процент болған. 2021-жылы 20,8 процент, 2020-жылы 18,8 процентти қураған.

Аманатлар болса 2020-жылы 17 процент, 2021-жылы 20,2 процент, 2022-жылы да 20,2 процент болған.

Өзбекстанда миллий валютадағы кредитлер бойынша орташа процент ставкалары соңғы бир неше шереклерде жыллық 22-23 процент әтирапында тең болғаны хабар етилди.

Июнь айында миллий валютадағы қысқа мүддетли кредитлер бойынша орташа тартылған процент ставкалары 22,3 процентти ҳәм узақ мүддетли кредитлер бойынша 22,7 процентти қураған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги