Шоманай районында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы ҳәм 6-сентябрь «Халықаралық кураш күни» мүнәсибети менен жаслар арасында миллий гүрес бойынша район бириншилиги  өткерилди.

Жарыс 7 салмақ категориясы бойынша болып өтти.

Оғада кескин беллесиўлерге бай болған бириншилик жуўмағында, 60 кг салмақта С.Айтмуратов, 66 кг да С.Абдуллаев, 73 кг да А.Султамуратов,  81 кг да Н.Қайыпназаров, 90 кг да Б.Балтабаев, 100 кг да А.Абдуллаев ҳәм  +100 кг салмақта С.Абдреймовлар  1-орынды ийелеп, жарыс жеңимпазларына айланды.

Жарыс соңында барлық сыйлы орын ийелери, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы