Нөкис қаласындағы 10-санлы республикалық қәнигелестирилген «Нурлы мәкан» мектеп-интернатында Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң шөлкемлестириўинде «Көзи әззи инсанлардың дүньяны үйрениў имканияты» атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жоқарғы Кеңес жанындағы Жәмийетлик фонд, Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң қәнигелери, тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.

Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған 2023-жылғы социаллық мәмлекетлик буйыртпасы бойынша өткерилген биринши таңлаўда «Көзи әззи инсанлардың дүньяны үйрениў имканияты» атамасындағы жойбар менен қатнасып жеңимпаз болған еди.

Дөгерек сәўбети усы жойбар шеңберинде өткерилип, онда Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң директоры, жойбар баслығы Г.Жоллыбекова, 10-санлы Республикалық қәнигелестирилген «Нурлы мәкан» мектеп-интернаты директорының орынбасары, жойбар тренери С.Реймов ҳәм басқалар шығып сөйлеп жойбардың мақсети ҳәм ўазыйпалары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, жойбардың баслы мақсети – көзи әззи оқыўшылардың компьютерден еркин пайдаланыў мүмкиншилигин жаратыў, тармақлардағы дүнья жүзилик аудитория менен байланыса алыў мүмкиншилигин пайда етиў, оқыў усыллары ҳәм материалларын қамтып алыў имканиятын қоллап-қуўатлаў, электрон китапларды басқалардың жәрдемисиз өзи оқый алыўы, келешекте өз үстинде ислеўи, хызмет етиўин тәмийинлеў болып есапланады. Мәселен, жоқары оқыў орынларына кириў, илимий жумыслар менен шуғылланыў, жаңалықлар жаратыўға ерисиў сыяқлы ўазыйпалар да усыған киреди.

Илажда Брайль дисплей үскенелерин тапсырыў мәресими өткерилди. Қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.


Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги