Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен өткен ярым жыл даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң суд арқалы қорғалыўын тәмийинлеў, суд әмелиятын улыўмаластырып барыў, халықтың ҳуқықый мәдениятын көтериў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылған.

Атап айтқанда, өткен дәўирде судлардың өндирисинде биринши инстанция тәртибинде улыўма 15588 ис ҳәм материаллар болып, соннан судлар тәрепинен 13093 ис ҳәм материаллар көрилип тамамланған. Ал, 2495 пуқаралық иси кейинги шерекке қалдық болып өткен.

Көрилген ислерден 63 ис ҳәм материаллар Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен, 13030 ис ҳәм материаллар районлараралық (районлық) судлар тәрепинен көрип тамамланған болып, олардың улыўма саны өткен жылға салыстырғанда 6,5 процентке азайған.

Буйрық тәртибинде жәми 14178 (2022-жылда 9331) арза бойынша суд буйрықлары шығарылған болып, олардың саны өткен жылға салыстырғанда 51,9 процентке көбейген.

Көрилип тамамланған ислерден 7754 ис бойынша шешиўши қарарлар шығарылып, соннан 7108 ис бойынша даўа арзалар қанаатландырылған, 646 ис бойынша даўа арзалар қанаатландырылмаған, 375 ис өндиристен қысқартылған, 1843 арза көрместен қалдырылған.

Судлар тәрепинен көрип тамамланған ислерден 347 ис көшпели суд мәжилислеринде көрип шығылған.

Есабат дәўиринде жәми көрип тамамланған 9982 пуқаралық ис категорияларына қарап ажыратылғанда олардан, 3602 ис питимлер менен байланыслы ислер 36,1 процент, оннан кейин 2128 ис шаңарақлық қатнасықларға байланыслы ислер 21,3 процент, 1809 ис айрықша тәртипте көрилетуғын ислер 18,1 процент, 993 ис салық қарыздарлығын өндириў менен байланыслы ислер 9,9 процент, 393 ис мийнет қатнасықларына байланыслы ислер 3,9 процент, 352 ис жер менен байланыслы ислер 3,5 процент, 255 ис турақ жай менен байланыслы ислер 2,5 процент, 247 ис зыянды өндириўге байланыслы ислер 2,4 процент, 180 ис меншик ҳуқықы менен байланыслы ислер 1,8 процент, 44 ис басқа мазмундағы ислер 0,4 процент, 2 ис коммуналлық төлемлерди өндириў менен байланыслы ислер 0,02 процент екенлиги көринеди.

2023-жылдың биринши ярым жыллығында судлар тәрепинен 69 исти көрип шығыў даўамында анықланған нызамбузыўшылық жағдайлары бойынша айрықша уйғарыўлар шығарылған.

Қарақалпақстан Республикасы суды пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясында суд қарарларының үстинен келтирилген апелляциялық шағымларға тийкарланып улыўма 318  ис көрилип, соннан 258 ис бойынша қабыл етилген суд қарарлары өзгериссиз қалдырылған, 29 ис бойынша суд қарарларына өзгерислер киргизилген, 31 ис бойынша суд қарарлары бийкар етилген.

Қарақалпақстан Республикасы суды пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы судьяларының бир айлық ис көлеми 12,7 истен туўра келген болса, районлараралық судлар судьяларының бир айлық ис көлеми 217,2 пуқаралық ис ҳәм 236,3 суд буйрығынан, жәми 453,5 истен туўра келди.

Кассация тәртибинде пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясының уйғарыўлары үстинен келтирилген шағымларға тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясында 69 ис көрилген. Соннан 58 ис бойынша суд ҳүжжетлери өзгериссиз қалдырылған, 3 ис бойынша суд ҳүжжетлерине өзгерис киргизилген, 8 ис бойынша суд ҳүжжетлери бийкар етилген.

Есабат дәўиринде реже бойынша ҳәм режеден тысқары ПИБ судларының судьялары тәрепинен 80 мәрте ғалаба-хабар қураллары арқалы шығыўлар әмелге асырылған, 66 мәрте мәкеме, кәрхана ҳәм оқыў орынларында ушырасыўлар өткерилген.

Район судлары тәрепинен ғалаба хабар қуралларында жәми 39, соннан телевидениеде 14, радиода 3 еситтириўлер шөлкемлестирилген, газета ҳәм журналларда 5 мақала, веб-сайтларда 17 мәрте шығыўлар әмелге асырылған.

Судьялардың ҳуқықый билимлерин жетилистирип барыў, оларды жаңадан қабыл етилген нызам ҳүжжетлери ҳәм Жоқарғы суд Пленумы қарарлары ҳәм суд әмелияты менен жақыннан таныстырып барыў мақсетинде  пуқаралық ислери бойынша судлары судьялары ушын белгиленген режеге тийкарланып, 6 мәрте оқыў-семинарлары өткерилген.

Есабат дәўиринде судларға жәми 1453 мүрәжат келип түскен, соннан 307 мүрәжат улыўмалық тәртипте, 488 мүрәжат Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал ҳәм Халық қабыллаўханаларынан ҳәм 658 мүрәжат суд баслықлары ҳәм судьялардың жеке (көшпели) қабыллаўында қабылланған. Усы арзалардан 1411 арза үйренилип, 10 арза тийислилиги бойынша орынларға жиберилген.

Үйренилген мүрәжатлардан 31 и қанаатландырылған, 1 мүрәжат қанаатландырылмай қалдырылған ҳәм 1378 мүрәжат бойынша мүрәжат ийелерине түсиниклер берилген.

Сондай-ақ, статистикалық мағлыўматларға қарағанда, есабат дәўиринде судлар тәрепинен жәми 39178 орынлаў ҳүжжетлери Мәжбүрий орынлаў бюросына, район (қала)лық бөлимлерине орынлаў ушын жиберилген.

Улыўма орынлаўға қаратылған орынлаў ҳүжжетлеринен Мәжбүрий орынлаў бюросы район (қала)лық бөлимлери тәрепинен 10394 орынлаў ҳүжжетлери орынланып, 2228 орынлаў ҳүжжетлери қайтарылған. 26556  орынлаў ҳүжжетлери орынланбастан қалдықта қалған. Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда орынланған орынлаў ҳүжжетлериниң саны 115 (1,11%) ке көбейип, бул көрсеткишлер бираз жақсыланған болса, бирақ қалдық болып қалған орынлаў хатларының саны 43,58 процентке көбейген.

Жоқарыда атап өтилген жумыслар ҳәм жол қойылған қәте-кемшиликлерден жуўмақ шығарған ҳалда Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары судьялары тәрепинен келешекте әдил судлаўды әмелге асырыў саласындағы жумысларды даўам еттиремиз.

 

Еркин Утениязов,

Қарақалпақстан Республикасы судының

пуқаралық ислери бойынша судьясы.

         Қарақалпақстан хабар агентлиги