2023-жылдың 5-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Сенаттың қырқ үшинши жалпы мәжилисинде «Волонтёрлық жумысы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, кейинги жылларда мәмлекетимизде волонтёрлық жумысын және де раўажландырыў, пуқаралардың социаллық басламаларын қоллап-қуўатлаўға олардың социаллық ўазыйпаларын шешиўдеги жуўапкершилигин күшейтиўге қаратылған ҳуқықый тийкарлар жаратылды.

Соның менен бирге, волонтёрлық жумысты буннан былай да хошаметлеў, мәмлекетлик уйымлардың волонтёрлық жумысын әмелге асырыўшы субъектлер менен бирге ислесиўин күшейтиў, социаллық ўазыйпаларды шешиўде волонтёрларға жәрдемлесиў, олардың хызметлерин хошаметлеў ҳәм сыйлықлаў механизмлерин жетилистириўди дәўирдиң өзи талап етпекте.

Бул нызам менен Министрлер Кабинетине ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына волонтёрлық жумысы тараўындағы мәмлекетлик мақсетли бағдарламаларды ислеп шығыў, тастыйықлаў ҳәм олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша ўәкилликлер берилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Буннан тысқары, Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги жанындағы Жаслар ислери агентлиги волонтёрлық жумысы тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленбекте. Статистикалық мағлыўматларға бола, ҳәзирги күнде волонтёрлық топарлар ағзаларының 80 процентин жаслар қурайды.

Нызамға бола, Жаслар ислери агентлиги тараўда мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда қатнасыў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын таярлаў, мақсетли бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар киргизиў, волонтёрлық жумысы тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў сыяқлы ўәкилликлерге ийе болады.

Өз гезегинде, Сенат ағзалары тәрепинен нызамды додалаў процесинде киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар волонтёрлық жумысын раўажландырыўда республика атқарыў ҳәкимияты уйымларының жуўапкершилигин арттырыўға ҳәм волонтёрлық жумысын буннан былай да хошаметлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, сенаторлар бул нызамның қабыл етилиўи мәмлекетимизде, әсиресе, жаслар арасында қайырлы басламалардың және де көбейиўине хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар тәрепинен «Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 43-статьясына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар жабайы ҳайўанлардың тәбийғый түрге тийисли, әсиресе, сийрек ушырасатуғын ҳәм жойтылып кетиў қәўпи астында турған түрлердиң турақлы жасаў шараятларын тәмийинлеў ҳәм қәўип астында турған түрлердиң турақлы жасаў шараятларын тәмийинлеў ҳәм сақлап қалыў ушын тийкар болып хызмет етпекте.

Соның менен бирге, жыртқыш ҳәм зәҳәрли жабайы ҳайўанларды ярым еркин шараятларда ямаса тутқынлықта сақлаў, олардан коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў, оларды жәмийетлик орынларда сейил етиў нәтийжесинде ҳәр қыйлы кеўилсиз ҳәдийселер ушырасып атырғаны тийисли нызам ҳүжжетлерин жетилистириўди талап етпекте.

Сол себепли бул нызам менен жабайы ҳайўанларды сақлаўды тәртипке салыў мақсетинде физикалық шахслар тәрепинен сақланыўы қадаған етилген жабайы ҳайўанлардың дизимин, сондай-ақ, бул дизимге киргизилген жабайы ҳайўанларды юридикалық шахслар тәрепинен сақлаў тәртибин белгилеў Министрлер Кабинетине жүкленбекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи жабайы ҳайўанларды сақлаў ҳәм олардан түрли мақсетлерде пайдаланыўға байланыслы жағдайларда халықтың турмысы ҳәм денсаўлығын қорғаўға, сондай-ақ, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың бул бағдардағы жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Ветеринария ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде ветеринария тараўындағы кадрларды таярлаў системасын жетилистириў, сондай-ақ, нәтийжели ветеринария қадағалаўын тәмийинлеў ҳәм ветеринария хызметлерин көрсетиў сапасын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы мүнәсибет пенен ветеринария тараўында жоқары маман кадрларды таярлаў бойынша заманагөй билимлендириў системасын жаратыў, сондай-ақ, бул тараўда жумысты әмелге асырып атырған исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын және де күшейтиў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Сол себепли бул нызам менен Мәмлекетлик ветеринария хызмети структуралық бөлимлеринен бириниң атамасын анықластырыўшы, сондай-ақ, ветеринариялық қадағалаў объектлерине рухсатсыз кириў бойынша бас мәмлекетлик ветеринариялық инспекторлардың, олардың орынбасарларының ҳәм мәмлекетлик ветеринария инспекторларының ўәкилликлерин қысқартыўшы өзгерислер киргизиў нәзерде тутылмақта.

Өз гезегинде, Сенат ағзалары тәрепинен нызамды додалаў процесинде киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар ветеринария тараўындағы кадрлар потенциалын раўажландырыўға, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын және де тәмийинлеўге ҳәм мәмлекетлик ветеринария инспекторлары тәрепинен өткерилетуғын тексериўлердиң тәртибин жетилистириўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың қырқ үшинши жалпы мәжилисинде дәрьялардың анғарларын тазалаў ҳәм жағалықларын беккемлеў, рудалық емес пайдалы қазылмаларды қазып алыўдың қоршаған орталық, суў ҳәм жол хожалығы объектлерине унамсыз тәсири бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери додаланды.

Министрлер Кабинети тәрепинен әмелге асырылған жумысларды үйрениў көрсеткениндей, Сенат қарарында белгиленген бир қатар ўазыйпалардың орынланыўы жетерли дәрежеде тәмийинленбегени, тараўдағы әҳмийетли мәселелер өз шешимин таппағаны анықланған.

Атап айтқанда, дәрья аңғарларында қум-шағыл тас қазып алыў жумысы менен шуғылланып атырған исбилерменлик субъектлеринен лицензия ямаса шәртнама мүддети тамамланғаннан кейин кән ямаса участканы қабыллап алыў тәртиби ислеп шығылмаған.

Дәрьяларда қум-шағыл тас қазып алыўдың жер асты суўлары ҳәм экологияға унамсыз тәсир көрсетип атырғанын есапқа алып, дәрьяларды қарамағына өткеретуғын бирден-бир уйымды белгилеў бойынша усыныс киргизилмеген.

Шыршық, Зарафшан, Ақдәрья, Қашқадәрья, Сангзор ҳәм Қарадәрьялардан санаат көлеминде қум-шағыл тас қазып алыўға мораторий жәриялаў мәселеси бойынша анық бир қарарға келинбеген.

Аймақларда рудалық емес пайдалы қазылмалар ҳәм қурылыс ушын қум, шағыл тас өнимлерин ислеп шығарыўға мөлшерленген қәнигелестирилген санаат зоналарын шөлкемлестириў бойынша усыныслар ислеп шығылмаған.

Сенаторлар тәрепинен Зарафшан дәрьясы жағасында жайласқан Зарафшан миллий тәбият бағы аймағында жер асты суўларының қәдди 3-4-метрге шекем төменлеўи ақыбетинде тереклер қуўрап қалып атырғаны, Қарадәрья ҳәм Ақдәрьяда қум ҳәм шағыл тас нызамсыз қазып алыныўы қоршаған орталық, суў ҳәм жол хожалығы объектлерине унамсыз тәсир көрсеткени, ҳәзирги күнде дәрьялардың суў қәдди 5 метрге шекем төменлеп кеткени ҳәм дәрьялардың анғарлары үстине курылған автомобиль жолларындағы көпирлердиң таяныш сүтинлери ашылып қалғаны атап өтилди.

Додалаў жуўмағы бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 9 мәселе, соның ишинде, 7 нызам додаланды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ үшинши жалпы мәжилиси жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети