2023-жыл 4-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей жарытылып барылды.

Сенаторлар тәрепинен дәслеп «Гидротехника имаратларының қәўипсизлиги ҳаққында»ғы нызам қызғын додаланды.

Атап өтилгениндей, бул нызам мәмлекетимиздеги суў хожалығы объектлерин техникалық саз жағдайда сақлаў, олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм олардан исенимли пайдаланыў мақсетинде ислеп шығылған.

Ҳәзирги күнде суў хожалығы системасында жәми 73 суў сақлағышы ҳәм сел-суў сақлағышы, 1688 насос станциясы, 49 ГЭС ҳәм басқа да объектлер бар. Суў хожалығы объектлериниң көпшилик бөлегинен 40 жылдан артық пайдаланылмақта.  Бул болса оларды өз ўақтында оңлаў-тиклеў ҳәм реконструкциялаў сондай-ақ, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў жумысларын әмелге асырыў, техникалық саз жағдайда сақлаў ҳәм олардың қәўипсиз, исенимли ислеўин тәмийинлеўди талап етпекте.

Усы мүнәсибет пенен бул нызамда гидротехника имаратлары қәўипсизлигиниң тийкарғы принциплери, тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары нәзерде тутылмақта. Буннан тысқары, гидротехника имаратларының қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында сырт еллер, халықаралық шөлкемлер менен мәлимлеме алмасыў мәселелери өз шешимин таппақта.

Сондай-ақ, нызам менен гидротехника имаратларының қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша пайдаланыўшы шөлкемлердиң ҳуқықлары менен миннетлемелери, буйыртпашы, жойбарлаўшы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң миннетлемелери белгиленбекте.

Соның менен бирге, гидротехника имаратларының қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы тийкарғы талаплар киргизилмекте. Атап айтқанда, гидротехника имаратларын бир ўақыттың өзинде (параллель) жойбарластырыў ҳәм қурыў, реконструкциялаў қадаған етилмекте.

Нызамның және бир әҳмийетли тәрепи сонда, тендер ямаса таңлаў ҳүжжетлеринде қатнасыўшыларға гидротехника имаратларының қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы әмелий тәжирийбе, қурылыс үскенелери, лабораториялар, машиналар ҳәм механизмлер, сондай-ақ, маман қәнигелер болыўы ҳаққындағы талапларды белгилеўи шәрт екенлиги буйыртпашы шөлкемниң миннетлемеси сыпатында көрсетип қойылмақта.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи арнаўлы мәмлекетлик қадағалаў уйымының жуўапкершилиги менен ўәкиллигиниң арттырылыўы, имаратларды жойбарластырыў, қурыў, реконструкциялаў, оңлаў-тиклеў, консервациялаў ҳәм тамамлаў жумысларында қәўипсизлик бойынша қадағалаў күшейтилиўине хызмет етеди.

Мәжилисте сораў-жуўап ҳәм додалаўлардан соң бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң жалпы мәжилисте «Суд қарарларының нызамлығы, тийкарланғанлығы ҳәм әдиллигин тексериў институтының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуаллық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары суд-ҳуқық тараўын түпкиликли реформалаўға байланыслы кең көлемли шөлкемлестириў-ҳуқықый илажлар әмелге асырылды. Соның ишинде, суд ислерин жүргизиў процесине жаңа институтлар енгизилди, жарасыў, дәслепки тыңлаў, медиация, сондай-ақ, суд қарарларының нызамлылығы, тийкарланғанлығы ҳәм әдиллигин тексериў сыяқлы институтлар жетилистирилди.

Соның менен бирге, судларда истиң көлеми кескин артқанлығы ислерди нызамда белгиленген мүддетте көрип шығыў имканиятының жоқлығына алып келип, бул пуқаралардың орынлы наразылықларының көбейиўине себеп болды.

Буннан тысқары үзил-кесил қарар қабыл етиўде суд қарарларының нызамлылығы, тийкарланғанлығы ҳәм әдиллигин үш басқышлы система қуралында тексериў имканиятларының шекленгенлиги себепли бул системаны орта буўынның – ўәлаят судларының имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы жетилистириў зәрүрлиги пайда болды.

Усы нызам менен Жынаят-процессуаллық кодексине нызамлы күшке кирмеген суд қарарларын шағым (протест) тийкарында апелляция тәртибинде, нызамлы күшке кирген суд қарарларын кассация тәртибинде қайта көриўге байланыслы процессуаллық нормаларды нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сондай-ақ, нызамлы күшке кирген суд қарарларын кассация тәртибинде көриў бойынша ўәкилликлерди ўәлаят судларына ҳәм оларға теңлестирилген судларға өткериўге ҳәм жоқары инстанция судлары тәрепинен төменги судлардың қарарын бийкарлаған ҳалда исти жаңадан көриў ушын төменги судқа жибериў әмелиятын тамамлаўға байланыслы процессуаллық нормалар киргизилмекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызам пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге, әдил судлаўдың сапасын және де арттырыўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли.

Нызамның қабыл етилиўи судьялардың жуўапкершилигин арттырыўға, жумыслардың сапалы ҳәм өз ўақтында көрилиўине, суд қарарларын қайта көриўде ўәлаят судларының ҳәм оларға теңлестирилген судлардың имканиятларынан нәтийжели пайдаланыўға, пуқаралардың шағым етиў ҳуқықынан пайдаланыўын кеңейтиўге ҳәм наразылықлар менен артықша сергизданлықлардың алдын алыўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, Сенаттың қырқ үшинши жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине крипто-активлер айланысы тараўында лицензиялар ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары системасын жетилистириўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Кейинги жыллары мәмлекетимизде крипто-активлер айланысы тараўын раўажландырыў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

Нызамшылық ҳүжжетлери менен майнинг ҳәм крипто-активлер айланысы тараўындағы хызметлер провайдерлериниң жумысы белгиленген ҳәм жумыстың бул түрлери лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары тийкарында әмелге асырылатуғыны атап өтилген. Хызметлер провайдерлери түрлери сыпатында крипто-биржа, майнинг-пул, крипто-депозитарий ҳәм крипто-дүкан белгиленген.

Усы мүнәсибет пенен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы ҳәм «Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы нызамларға лицензияланатуғын жумыстың жаңа түрлери ҳәм киши түрлери (крипто-биржа, майнинг-пул, крипто-депозитарий ҳәм крипто-дүкан) ҳәм руқсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжет тийкарында әмелге асырылатуғын майнинг жумысының белгилениўин нәзерде тутыўшы қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Перспективалы жойбарлар миллий агентлигиниң крипто-активлер жумысларын әмелге асырыў ушын руқсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди алыў талап етилетуғын жаңа жумыс түри сыпатында да қосылмақта.

Соның менен бирге, майнингти руқсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетсиз әмелге асырғаны ямаса руқсат бериў өзегешелигине ийе ҳүжжетлерди қәлбеки ҳүжжетлерден пайдаланғаны ушын базалық есаплаў муғдарының 150 есеси муғдарында жәрийма қолланылатуғыны белгилеп қойылмақта.

Буннан тысқары, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамға қосымша киргизилип, крипто-активлер айланысы тараўындағы хызметлер провайдерлериниң жумысын әмелге асырыў ушын лицензия алып атырған юридикалық тәреплер ушын мәмлекетлик бажы енгизилип, оның муғдары ҳәм төлем тәртибин белгилеў ўәкиллиги Перспективалы жойбарлар миллий агентлигине берилмекте.

Өз гезегинде, Сенат ағзалары тәрепинен нызамды додалаў процесинде киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар менен крипто-активлер айланысы тараўында жумысты, соның ишинде, лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары тийкарында әмелге асырылатуғын жумыс түрлери ҳәм киши түрлерин белгилеўдиң тәртипке салыўдағы бослықлар сапластырылатуғыны атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, Сенаттың қырқ үшинши жалпы мәжилисинде «Адвокатура ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 31-статьясына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеўдиң нәтийжели институтларынан бири сыпатында адвокатураның орны ҳәм әҳмийетин арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, адвокатура институтының ҳәм адвокатлардың ғәрезсизлигин тәмийинлеўге, суд исин жүргизиўдиң барлық басқышларында тәреплердиң тартысыў принципи тийкарында жумысларды шөлкемлестириўге қаратылған илажлар көрилди, адвокатлардың өз профессионал жумысын әмелге асырыўы ушын зәрүр нызамшылық базасы жаратылды.

Соның менен бирге, адвокатураға жумысқа қабыл етиў тәртип-қағыйдасын және де әпиўайыластырыў, сондай-ақ, адвокатлық жумысы менен шуғылланыў ҳуқықына байланыслы лицензияны алыў тәртибин әпиўайыластырыў зәрүрлиги пайда болмақта.

Сонлықтан бул нызамға бола адвокатлық жумысы менен шуғылланыў ҳуқықына байланыслы лицензияны алыў ушын имтихан тапсырыўға талабан шахстың юридикалық қәнигелик бойынша кеминде еки жыллық жумыс стажына ийе болыўы ҳаққындағы талап бийкар етилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи адвокатура тараўының тартымлылығын арттырыўға ҳәм усы тараўға жас кадрларды ҳәм юридикалық қәнигелик бойынша еки жыллық жумыс стажына ийе болмаған кадрларды тартыўдың нәтийжели системасын жаратыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ үшинши жалпы мәжилисиниң биринши күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети