Кеше Қытайдың Шенси провинциясы ҳәкимшилик орайы Сиан қаласынан Өзбекстанға фотоэлектр элементлери жүкленген поезд жолға шықты, деп хабар бермекте «Dunyo» АА хабаршысы.

Қытайдың «Синхуа» мәмлекетлик мәлимлеме агентлигиниң мағлыўматларына қарағанда, жүк поездына Өзбекстанда 1 ГВт қуўатқа ийе фотоэлектр жойбары ушын өнимниң биринши партиясы болған 50 контейнер 20 МВт қуўатқа ийе фотоволтаик элементлер жүкленген. Бул жойбар май айында болып өткен «Қытай-Орайлық Азия» саммитинен кейин Қытай кәрханасы тәрепинен Орайлық Азияда әмелге асырылып атырған биринши ири жаңа энергия жойбары болып есапланады.

Бул жойбарды әмелге асырыў ушын Өзбекстанға Қытай-Европа темир жол жөнелиси бойлап 3000 ға шамалас контейнер салынған жәми 60 поезд жибериўи күтилмекте.

Жойбар бөлип алып ислеўшиси China «China Energy Engineering Corporation Limited» компаниясының мағлыўматларына бола, усы жойбардың иске қосылыўы жылына 2,4 миллард кВт/саат таза энергия ислеп шығарыў, углерод шығындыларын 2,4 миилион тоннаға азайтыў имканиятын береди.

“Sinxua” АА алған фото.

Қарақалпақстан хабар агентлиги