2023-жылдың январь-июль айы жуўмақлары бойынша Транспорт министрлигиниң автомобиль тасыўларын бақлаў басқармасы инспекторлары тәрепинен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси 125-2-статьясында нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты әмелге асырыўға байланыслы 313 жағдай анықланған.

Бул жағдайлар бойынша жәрийма тийкарында жаза қолланылған.

Усы жылдың өткен жети айы даўамында каботаж тасыўлары менен байланыслы жағдайлар Ташкент ўәлаяты (140), Наманган ўәлаяты (53), Сурхандәрья ўәлаяты (20), Сырдәрья ўәлаяты (19) ҳәм Самарқанд ўәлаятында (17) анықланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги