Президент Шавкат Мирзиёев 2-август күни «Ангрен» еркин экономикалық зонасындағы кәрханалардың жумысы менен танысты.
2012-жылы шөлкемлестирилген бул экономикалық зона соңғы жыллары ҳәм аймақ, ҳәм потенциал жағынан кеңейди. Ол Ангрен қаласы, Аҳангаран қаласы ҳәм районы, Бекабад қаласының бир бөлегин қамтып алған. Бүгин бул зонада 76 кәрхана, оларда 11 мыңнан аслам халық жумыс ислемекте.
Олардан бири – «Premier elektrotech» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң 23 миллион долларлық жойбары. Өткен жылы декабрьде иске қосылған бул кәрхана жылына 100 мың кир жуўыў машинасы ҳәм 200 мың суўытқыш ислеп шығарыў ҳәм 1 миллион долларлық экспорт қуўатлығына ийе. 350 адам жумыс пенен тәмийинленген.
Бул жойбардың биринши басқышы болып, оны кеңейтиў ушын қурылыс алып барылмақта. Екинши басқыш быйыл декабрьде пайдаланыўға тапсырылады ҳәм жумыс орынлары 450 ге жетеди.
Жәмийет тәрепинен, сондай-ақ, телевизор, кондиционер сыяқлы басқа да турмыслық техникалар ислеп шығарылады. Бәсекиге шыдамлы бул өнимлер ҒМДА мәмлекетлерине экспорт етилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы Ахангаранда таяр санаат инфраструктурасының бар екенлиги, бул сырт ел инвестицияларын тартыў ушын үлкен имканият екенин атап өтти. Усындай кәрханаларды кеңейтиў мақсетинде электротехника санааты зонасын шөлкемлестириў усынысы билдирилди.
Аҳангаран металл қубырлар заводының орны бес жыл алдын өнимсиз атыз еди. 2018-жылдан баслап санаат комплекси қурылды. 49 миллион долларлық бул жойбар ушын үскенелер Түркиядан алып келинди. Жыллық 205 мың тонна металл өнимлер таярлаў қуўатлығы жаратылып, 250 жумыс орны жаратылған. Усы жылдың 6 айында дерлик 4 миллион долларлық өним экспорт етилген.
«Silk plast quality» кәрханасында жылына 13 мың тонна полимер қубырлар ҳәм фитинг өнимлери таярланады. 78 адамның бәнтлиги тәмийинленген.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде «Ангрен» еркин экономикалық зонасында ислеп шығарылып атырған өнимлер көргизбесин көзден өткерди. Жаңа жойбарларды қәлиплестириў, халықтың бәнтлигин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.
«Ангрен» еркин экономикалық зонасында және 42 жойбар бойынша жумыслар басланған. Оларда 5 мыңнан аслам жумыс орны ашылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги