Сырт ел баспасөзи Өзбекстан ҳаққында

Қатар мәмлекети рәсмий мәлимлеме агентлиги – QNA бетинде мәмлекетимиз сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов ҳәм усы мәмлекеттиң елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ҳасан Ҳамза Ҳошим арасындағы ушырасыў ҳаққында мақала жәрияланды.

Басылымда сәўбетлесиўшилер еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў мәселесин додалағаны атап өтиледи.

– Елши мырзаны қабыл етиўден қуўанышлыман,-деди Өзбекстан СИМ басшысы. –Кейинги жыллары еки тәреплеме байланыс избе-из раўажланыў өзгешелигин көрсеткен ҳалда, халықларымыздың мәпине хызмет ететуғын көплеген перспективалы биргеликтеги жойбарлар күн тәртибине қойылмақта.

ӨзА