2016-жылдан берли ҳәр жылы мәмлекетимизде әмелге асырылып  атырған  социаллық-экономикалық  реформаларды, сиясий процесслерди  кеңнен үгит-нәсиятлаў, киши бизнес ҳәм жеке сектордың раўажланыўында белсенди қатнасып атырған ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың Ўатанымыз келешеги жолындағы умтылыслары менен излениўлерин, жәмийетлик жумыслардағы  белсендилигин хошаметлеў,  бүгинниң заманагөй  исбилермен ҳаялын жаратыў, сондай-ақ, ӨзЛиДеП бағдарламасы ҳәм сайлаўалды платформасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде «Исбилермен ҳаял» таңлаўы өткерилип келинбекте.

Нөкис қаласында «Исбилермен ҳаял –  2023» таңлаўының қалалық басқышы да жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди.

Бул басқышта қаладағы 15 исбилермен ҳәм өнермент ҳаял-қызлар өзлериниң өнимлери менен қатнасты.












Төрешилер қурамы таңлаў даўамында олардың жумыслары менен жақыннан танысып, усы күнге шекемги ерискен жетискенликлерин, имканиятларын, алдағы режелерин ҳәм кемшиликлерин үйренип, баҳалап барды.

Таңлаў жуўмағына бола биринши орынға “KUNGRAD AGRO – SOLODKA SISTEM” ЖШЖ баслығы Замира Хожаметова мүнәсип деп табылды.

Ал, Ақ жағыс МПЖ аймағынан  «Ақ отаў» өнерментшилик орайының баслығы Бийбисара Қунназарова екинши, Жасыл бағ МПЖ аймағынан сүўретлеў өнери бойынша Саёра Қосымбетова үшинши орынды ийеледи.

– 2008-жылдан берли жеке исбилерменлик пенен шуғылланып келмектемен,-дейди таңлаў қатнасыўшысы, “KUNGRAD AGRO – SOLODKA SISTEM” ЖШЖ баслығы Замира Хожаметова. – Дәслеп жумысымды 12 адам менен баслаған болсам, ҳәзирги күнде жумысшылардың саны 185 ке жетти. Дәслепки ўақытларда өнимлеримиз Корея ҳәм Қытай мәмлекетине экспорт етилген болса, ҳәзирги күнде өнимлеримиз 14 мәмлекетке экспорт етилмекте.

Жумысымыз тийкарынан боянның тамырынан жонылған қәлемшелерди экспорт етиўге таярлаў ушын кесиў, таярлаў, сортировкалаў ҳәм қутыларға жайластырыўдан ибарат. Боянтамыр менен шуғылланып қоймай жийде өнимин Дубай мәмлекетинде ислеп шығарып атырмыз. Фирма өзиниң  “PRODUCT OF UZBEKISTAN”, “MADE IN KARAKALPAKSTAN”  брендине ҳәм өз   логотипине де ийе.

Боянтамырдан тысқары шарўашылық ҳәм бағшылық пенен де шуғылланамыз.  2020-жылы  Австрия мәмлекетинен  гольштейн нәсилли қара малларды алып келип, халықты арзан гөш ҳәм сүт өнимлери менен тәмийинлеп атырмыз.

Илажда атап өтилгениндей, тынып-тыншымайтуғын исбилермен Замира Хожаметова исбилерменлик тараўында билим ҳәм көнликпелерин еле де арттырыў мақсетинде тынбай изленип, өз үстинде ислеп, сырт еллерде де тәжирийбе алмасып келген. Буннан тысқары Қоңырат, Тақыятас районы ҳәм Нөкис қаласындағы ең шетки аўыл ҳәм мәҳәллелерде жасаўшы 33 социаллық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларға жәрдем берип, үй мийнети тийкарында олардың бәнтлиги тәмийинленген. Оның мийнетлери жоқары баҳаланып, усы жылдың 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы алдында «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланған.

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылып, Замира Хожаметова таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алды.





 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги