2023-2024-окыў жылы ушын мәмлекетимиздеги 51 жоқары оқыў орынларында айрықша талант талап етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиўде абитуриентлерге кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар өткерилиўи белгиленген. Солардың қатарында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында да айрықша талант талап етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына ҳүжжет тапсырған абитуриентлерге кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар болып өтпекте.

Дөретиўшилик имтиханлардың ашық-айдын ҳәм әдиллик принципи тийкарында өтиўин тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм республикамыздағы ғалаба хабар кураллары тәрепинен нызамлы түрде бақлап барылмақта.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитети баслығы З.Реймова, Жоқарғы Кеңес депутатлары ҳәм ғалаба хабар куралларының хызметкерлери Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болды.

Депутатлар  2023-2024-оқыў жылы ушын қабыллаў процесинде филиалда өткерилип атырған дөретиўшилик имтиханлардың барысы, сондай-ақ, медицина ханалары, дөретиўшилик имтиханларды онлайн режимде тиккелей бақлап барыўда арнаўлы камералардың орнатылғанлығын көзден өткереди. Дөретиўшилик имтиханлардың ашық-айдын ҳәм әдил өтиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, коррупция менен байланыслы болған жағдайлардың алдын алыў бойынша турақлы үгит-нәсият жумысларын алып барыў кереклиги атап өтилди.

Илаж соңында топар ағзалары абитурентлер ҳәм олардың ата-аналары менен ушырасып, елимизде Президентимиз тәрепинен жаслар ушын жаратылған имканиятлар ҳәм усы мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў кереклиги ҳаққында сәўбетлести.





 Қарақалпақстан хабар агентлиги