Усы жылы 7-июль «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди.

Мақтанышымыз нышаны есапланған мәмлекетлик байрақты қолланыў мүмкин болған жағдайлар саны және де көбейди. Буннан былай, мәмлекетлик байраққа ҳүрметти тәмийинлеген ҳалда, оннан, жәмийетлик орынларда, имаратлар ҳәм басқа да объектлерде, жасаў ямаса жумыс орынларында, сондай-ақ, оларға тутас болған аймақларда, транспорт қуралларының салонында пайдаланыў мүмкин. Бул бағдарда нызамшылыққа киргизилген өзгерислер бажыхана уйымлары хызметкерлери тәрепинен көтериңки кейпиятта күтип алынды.

Бүгин ҳәттеки ең алыс аймақларда жайласқан бажыхана хызметкерлериниң хызмет үйлерине де мәмлекетлик байрақ орнатылмақта. Мәмлекетимиздиң «Арқа дәрўазасы», Нөкис қаласынан 450 километр аралықта жайласқан «Қарақалпақстан» темир жол ҳәм «Даўыт ата» шегара бажыхана постлары аймағындағы хызмет үйлерине мәмлекетлик байрақларды орнатыў илажы ҳақыйқый мәнисте үлкен байрамға айланып кетти.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының баслығы Илхамбек Казаков илажды ашып, жыйналғанларды шөлкемлестирилген илаж бенен қызғын қутлықлады.



«Қарақалпақстан» темир жол бәндиргисинде жайласқан хызмет үйинде өткерилген салтанат мәҳәлле ушын үлкен байрамға айланып кетти. Мәденият хызметкерлериниң шығыўлары болса илажға және де көтериңки руўх бағышлады.

– Ҳәр сапар үйимизге киргенимизде байраққа көзимиздиң түсиўи, Ўатан алдындағы миннетимиз ҳәм хызмет ўазыйпаларымызға және де үлкен күш-қуўат пенен қараўға ийтермелейди, – дейди бажыханашы Икрам Аширбеков. – Тыныш аспан астында мәңги желбиреп атырған байрақларымыз бүгинги тыныш заманымызға шүкирлик айтыўға ийтермелеп атырған сыяқлы. Бул тынышлық негизинде де қалқанларымыздың тынымсыз мийнети, мәртлик ҳәм қыйыншылықлары бар.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.