Қоңырат районындағы «Бәркамал әўлад» балалар мектебинде «Бир нураный он жасқа жуўапкер» таңлаўының районлық басқышы болып өтти.

Онда «Бир нураный он жасқа жуўапкер» принципи тийкарында аймақларда тәрбиясы аўыр, жәмлеспеген жасларға бириктирилген заманагөй пикирлейтуғын, өмир тәжирийбесине ийе нураныйлар қатнасты.

Илажда Өзбекстан Ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураный» қорының Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Абдижаббаров, Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутовлар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Таңлаў 3 шәрт бойынша өткерилди. Нураныйлар дәслеп өзлериниң өмир жолы менен таныстырды. Олардың өз жумысы бойынша таярлап келген фотоальбомлары ҳәм видеороликлери төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.


Жарыс жуўмағында Санаат мәкан пуқаралар жыйынынан қатнасқан белсенди нураный Қалмурат Қурбанбаев биринши орынды жеңип алып, таңлаўдың республикалық басқышына жоллама алды. Екинши орынға Моншақлы мәкан пуқаралар жыйынынан Тамара Сарыбаева, үшинши орынға Жиңишке мәкан пуқаралар жыйынынан Сабырбай Жангабаев, төртинши орынға Түркстан мәкан пуқаралар жыйынынан Дәнегүл Искендерова ылайық деп табылды ҳәм «Нураный қоры» тәрепинен қаржылай сыйлықланды.

Сектор көлеминде өткерилген жарыста белсендилик көрсеткен ҳәм «Бир нураный он жасқа жуўапкер» принципи бойынша бириктирилген нураныйлар Қоңырат районы  бөлими тәрепинен ылайықлы хошаметленди.

Таңлаў даўамында бақсы-жыраўлар жанлы даўыста қосықлар атқарып, қатнасыўшылардың кеўиллерин хошлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги