Жақында «Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен өткерилген стипендия таңлаўының жуўмақлары көрип шығылды. Таңлаў нәтийжелерине бола 154 қәбилетли ҳәм перспективалы жаслар стипендия ийелери болды.

Стипендиатлар Олий Мажлис Сенатына келип, системаның жумысы, оның қурамы, сенаторлар, нызамшылықта болып атырған өзгерислер менен жақыннан танысты.

Сенаттың Баслығы Танзила Норбоева жаслар менен ушырасыўда таңлаў жеңимпазларын қызғын қутлықлады. Мәмлекетимиз басшысының басшылығында профессионал, терең билимге ийе, заманагөй пикирлейтуғын ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбияланған жаңа әўлад кадрларын қәлиплестириў ҳәм оларды мәмлекетлик хызметке тартыў бағдарында барлық шараятлар жаратылғанына айрықша тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, жаслардың сырт елде гранд тийкарында билим алыўын қоллап-қуўатлаў өзиниң жоқары нәтийжелерин бермекте.

Ҳәзирги күнде 500 ге шамалас стипендиат қордың қаржылары есабынан АҚШ, Уллы Британия, Германия, Франция, Канада, Япония, Испания, Қубла Корея ҳәм басқа да раўажланған мәмлекетлердиң ең абырайлы билимлендириў ҳәм изертлеў, инновация ҳәм әмелият орынларында билим алмақта.

Бул көрсеткишлердиң ҳәммеси Өзбекстанда интеллектуаллық жақтан раўажланған жаслар қәлиплесип атырғанын дәрек береди.

Сөйлесиў даўамында стипендиатлар Сенаттың Баслығына түрли темаларда усыныслар берип, өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўап алды.

Атап айтқанда, жаслар тәрепинен киберқәўипсизлик тараўына байланыслы нызамларды жетилистириў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў бойынша жаңа платформаларды жаратыў сыяқлы бир қатар усыныслар алға қойылды.

Н. АБДУРАИМОВА, ӨзА