Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен 24-июль күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўинде Өзбекстан – Тәжикстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Сөйлесиў алдынан Тәжикстан жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, дос Өзбекстан халқына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Болажақ жоқары дәрежедеги илажларға таярлық көриў ҳәм еки тәреплеме қатнасықлар күн тәртибин анық әмелий мазмун менен байытыў мәселелери додаланды.
Жетекшилер исбилерменлик ҳәм гуманитарлық байланысларды және де жеделлестириў, соның ишинде, қоспа көргизбе ҳәм ярмаркалар өткериў, жасларды кеңнен тартқан ҳалда мәдений ҳәм спорт илажларын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги ҳаққында бирдей пикир билдирди.
Регионаллық шериклик, соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының турақлы мәсләҳәт ушырасыўлары ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық фонды шеңбериндеги бирге ислесиўге байланыслы мәселелер де көрип шығылды.
ӨзА