Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы рәсмий сапар менен Францияда болды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасты.

Сапар даўамында болып өткен ушырасыўларда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен 2022-2026-жыллар ушын қабыл етилген “Раўажланыў стратегиясы”нда энергетика системасын раўажландырыў мәселелерине итибар қаратылғанлығы, қайта тиклениўши энергия дереклери бойынша жойбарларды әмелге асырыў бағдарында Қарақалпақстанның потенциалын үйрениў усынысы билдирилди. Сондай-ақ, “Total Eren” компаниясына қуяш электр станциясын қурыў жойбарларын әмелге асырыў бағдарында сырт ел инвесторлары ушын жаратылған салық жеңилликлери ҳәм басқа бир қатар имканиятлары менен жақыннан танысыў бойынша усыныс берилди. Буның ушын Франция компаниясының басшыларын Қарақалпақстанға мирәт етти.

Франция Раўажланыў агентлиги бас директорының орынбасары Б.Валькенар менен болған ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы Арал теңизи бассейниндеги деградацияға ушыраған жерлерди ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ирригация системаларын тиклеўди қаржыландырыў бойынша Европа инвестиция банки менен биргеликте әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша өз миннетдаршылығын билдирди. Соның менен бирге, Қарақалпақстанда экологиялық, инновациялық жойбарларды әмелге асырыў, аўыл хожалығын раўажландырыў, қоршаған орталықты қорғаў ушын Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, басқа да бир қатар дәреклерди кеңнен тартыў мәселелери бойынша келисип алынды.

“Voltalia” компаниясының бас атқарыўшы директоры C.Клерк пенен болған сөйлесиўлерде Жоқарғы Кеңес Баслығы Европада исенимли ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўши сыпатында Франция менен шерикликти раўажландырыўдың әҳмийетли екенлигин айрықша тилге алды. Франция компаниясы Қарақалпақстан Республикасы аймағында гибрид қуяш-самал электр станциясын қурыў бойынша Өзбекстан Республикасының тийисли министрликлери ҳәм мәкемелери менен биргеликте үйнерип шығыўға таяр екенлигин билдирди. Сондай-ақ, бул компания менен Қарақалпақстан районларының биринде агровольтаикалық қуяш панеллерин орнатыў жойбарын әмелге асырыў бойынша келисимге келинди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы “Fives Group” компаниясы директоры Ж.Ф.Легрэн менен ушырасыўда Өзбектстан-Франция арасындағы байланысты беккемлеўде Президентимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлардың айрықша екенлиги, Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған реформалар, сырт ел инвесторлары ушын жаратылған мүмкиншиликлер ҳаққында кең түрде атап өтти. Ушырасыўда Қарақалпақстанда шийше ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырыўда Франция мәмлекети тәрепинен әмелий жәрдем көрсетиў, перспективалы жойбарларды әмелге асырыў ушын республика потенциалын үйрениў мақсетинде “Fives Group” компаниясы ўәкиллериниң Қарақалпақстанға сапарын шөлкемлестириў бойынша келисимге келинди.

Буннан тысқары, Өзбекстан делегациясы Франция миллий мийрас институты директоры Ш.Персонназ бенен де пикирлесип, онда еки мәмлекет арасындағы мәдений-гуманитарлық байланыслар тараўында бирге ислесиў мәселелери талқыланды.Ушырасыў жуўмағында Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнер ҳәм материаллық-мәдений мийрас объектлерин қорғаў тараўында кадрлар потенциалын арттырыў, Өзбекстан археологлары ҳәм реставраторларын арнаўлы таярлықлардан өткериў ҳәм олардың Франция миллий мийрас институтында илимий-техникалық билим алыўы бағдарында келисимге ерисилди. Айтып өтиў орынлы, Франция мәмлекетине болған сапар даўамында қарақалпақ миллий саз әсбабы қобыздың ЮНЕСКО мийраслары қатарына киргизилип атырғанлығы айрықша тилге алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги