Президент Шавкат Мирзиёев 21-июль күни Ташкент қаласының Сергели ҳәм Алмазар районларына барып, санаат кәрханаларының жумысы, мәҳәлле турмысы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Сергели районындағы «Alutex» кәрханасында болды.

Мәмлекетимизде альтернатив энергетиканы раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, қуяш панеллерин орнатыў бойынша кең көлемли жумыслар басланған. Бул алюмин профиллерге талапты арттырмақта.


Усы жылдың май айында «Alutex» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен айна ҳәм қуяш панеллери ушын профиллер таярлаў жойбары иске қосылды. Бул кәрхана 350 ден артық түрдеги, жылына 36 мың тонна алюмин профилин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги жумыс процесин ҳәм өнимлерди көзден өткерди.

– Дүньядағы жетекши компаниялар менен биргеликте улыўма қуўатлылығы 15 гигаваттдан артық қуяш ҳәм самал станцияларын қурмақшымыз. «Жасыл» энергетика – жергиликли ислеп шығарыўшыларымыз ушын таяр базар, үлкен имканият. Тек ғана тийкарғы талап – сапа, деди Президент.

Кәрханаға Италия, Қубла Корея ҳәм Түркиядан ең заманагөй әсбап-үскенелер алып келинип орнатылған. Нәтийжеде 400 жаңа жумыс орны жаратылған. Сентябрь айынан қосымша жаңа 130 түрдеги алюмин профиллер ислеп шығарыў жолға қойылады. Импорттың орнын басыўдан тысқары, өнимлердиң бир бөлегин экспортқа қаратыў режелестирилген.




Мәмлекетимиз басшысы 2019-жылы Чиланзар районына сапары ўақтында «Ориент керамик» кәрханасын барып көрип, оның жумысын кеңейтиў зәрүр екенлигин айтқан еди.

Буннан соң, Сергели районының аймағында және бир завод қурылып, сырт елден алдыңғы технология алып келинип орнатылды. Кәрхана быйыл июнь айында жумыс баслап, 450 адам жумыс пенен тәмийинленди.

Президент Шавкат Мирзиёев оның жумыс процеси менен танысып, өнимлердиң сапасын көзден өткерди.

Бул жойбардың улыўма баҳасы 42 миллион доллар болып, жылына 10 миллион квадрат метр кафель ҳәм керамогранит өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Өнимлер дерлик жүз процент жергиликли шийки заттан таярланғаны ушын сырт елдикинен бир неше есе арзан. Олардың сапалы, ҳәр қыйлы рең ҳәм көлемде екени базарда өтимлилигин тәмийинлемекте.

Бурын бундай үлкен өлшемдеги керамогранит кафеллер елимизге импорт етилетуғын еди. Енди олардың орнын толтырыў менен бирге, өнимлердиң ярымын экспорт етиў де мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы усы кәрхананың тәжирийбеси тийкарында жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша көрсетпе берди.



Бул жерде Ташкент қаласы районларының ҳәкимлери менен сәўбет болды. Олар исбилерменлик, бәнтлик, қурылыс жойбарлары бойынша мәлимлеме берди.

– Реформаларымыз, аймақларға берип атырған имканиятларымыз нәтийжесинде ҳәкимлердиң көзқарасы өзгермекте. Бүгин Ташкент районлары үлкен-үлкен шеклер қоймақта. Ең үлкен мәселелер – жумыссызлықты азайтыў, инвестиция алып келиў ҳәм экспорт. Мине, «20 мың исбилермен – 500 мың маман қәниге» бағдарламасын басладық. Бул ҳәм халық, ҳәм исбилерменлер ушын үлкен имканит. Және бир әҳмийетли ўазыйпа – «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарымыз. Нәл егиў, бағ жаратыў жумысларын даўам еттириў, жасыл аймақларды көбейтиў, адамлардың дем алыўы ушын шараят шөлкемлестириў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Исбилерменлик, санластырыў, хызметлер тараўында сырт ел тәжирийбесин үйрениў бойынша көрсетпелер берилди.



Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласы Алмазар районындағы Хастимом мәҳәллесинде болды.

Бул жерде 1 мың 500 ден аслам халық жасайды. Олардың көпшилиги өнерментшилик ҳәм саўда менен шуғылланады.

Мәмлекетимиз басшысы хожалықлардағы шараятларды кирип көрди, халық ўәкиллери менен сәўбетлести. Нураныйлар мәҳәлледеги турмыс тәризи, жаслардың кәсиби ҳаққында айтып берди. Елимизге тынышлық-татыўлық, шаңарақларға қут-берекет тилеп пәтия етилди.

Бизге белгили, мәмлекетимиздиң барлық аймақларында «Абат мәҳәлле», «Абат аўыл» бағдарламалары әмелге асырылмақта. Жоллар, инженерлик тармақлары оңланып, шаңарақларға берекет кирмекте. Бул мәҳәллени де «Абат шаңарақ» бағдарламасы тийкарында абаданластырыў нәзерде тутылмақта.


– Ҳәр бир инсанға мүнәсип шараят жаратыў мақсетимиз ҳәм миннетимиз,-деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы үйлерде шөлкемлестирилген өнерментшилик устаханалары ҳәм мәҳәлледеги киши көргизбени көзден өткерди. Өзин-өзи бәнт етиўди кеңейтиў, туристлер ушын саўда ҳәм хызметлерди жолға қойыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.




Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршысы