Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен 24-июль күни өткерилген телефон арқалы сөйлесиўинде Өзбекстан-Түркменстан әмелий бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери додаланды.

Түркменстан Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық ҳәм үлкен табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Сәўбетте өз-ара саўданы көбейтиў ҳәм экономиканың тийкарғы тармақларында, соның ишинде, санаат, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

«Шават-Ташаўыз» шегараалды еркин саўда зонасын қурыў бойынша биргеликтеги жумыслардың дәслепки нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

ӨзА