Бул жағдай медицинада тиннитус деп аталады. Мағлыўматларға қарағанда, жер жүзиндеги 5-8% адамлар усы кеселлик бенен жасайды. Кеселлик, әдетте кекселерде ушырасады. 55-65 жастағы адамлардың ҳәр бесеўинен биреўи өзинде қулағы шыңылдаў жағдайларын бақлайтуғынлығын айтады. Бирақ, бул жағдай жасларда да ушырасып турады. Бул шаўқымлы жерлерге барыў, сондай-ақ, қулақшынларда жоқары даўыста нама тыңлаў менен байланыслы.

Қулақларда шаўқым болыўы балаларда шенде-шен ушырайды. Туўма гереңлиги болған адамларды болса бул мәселе улыўма қыйнамайды.

Усы кеселликке шатылған наўқаслардың 85% и 250-8000 Hz тербелиў аралығындағы даўысларды еситиў имканиятынан айрылғаны тастыйықланған.

 

 

Айжамал Алламуратова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги