Усы жыл 20-июль күни  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында “Бизнес марафон” жойбары шеңберинде бир қатар белгили исбилерменлер менен жаслардың ушырасыўы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде мәмлекетимизде жас исбилерменлеримизди ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға мүнәсип шараятлар жаратыў мəселеси мəмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан бирине айланғанлығы, өткерилип атырған “Бизнес марафон”ның жаслардың өз исбилерменлигин баслаў ҳәм кеңейтиўинде үлкен тәсири болатуғынлығын атап өтти.

Жасларды исбилерменликке қызықтырыў, өз исбилерменлигин жолға қойыў ушын шараят жаратыў, оларға дурыс жол көрсетип жумысын нәтийжели баслаўы ушын тәжирийбели исбилерменлер тәрепинен мәсләҳәтлер бериў мақсетинде өткерилиўи дәстүрге айланған “Бизнес марафон” мотивациялық тренинги 2021-жылдан баслап турақлы түрде өткерилип келинбекте. Бүгинги күнге шекем тренинг Қарақалпақстан Республикасында 3 мәрте өткерилген болып, оған 7 мыңнан аслам жас қамтып алынды.

Гезектеги илажда “Jaslar -keleshegimiz” фондының атқарыўшы директоры Хайрулла Саттаров “Deli. uz” компаниясы ҳәм “Mfaktor” жойбарының тийкарын салыўшы Ҳусан Мамасаидов,  “DEKOS. UZ”, “Mfaktor” жойбарларының тийкарын салыўшы Хасан Мамасаидов,  “Nest One”, “NRG”, “Murad Buildings” тийкарын салыўшы Мурат Назаров ҳәм “SAP UZBEKISTAN” директоры Лазиз Адҳамовлар қатнасып, жасларға өзлериниң билим ҳәм тәжирийбелеринен келип шығып мәсләҳәтлерин берди.

Ушырасыўда жаслар исбилерменлигин раўажландырыў бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.




Қарақалпақстан хабар агентлиги