Президент Шавкат Мирзиёев 20-июль күни Ташкент қаласындағы қурылыс жумыслары менен танысты.

Соңғы жыллары Tashkent city комплексинде үлкен имаратлар қурылды. Ҳәзирги ўақытта оның «Пахтакор» метро бәндиргиси тәрепинде ири саўда орайы қурылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде болып, пиядалар ҳәм автомобильлер ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Келешекте ҳәрекет және де көбейиўин инабатқа алып, Ботир Зокиров ҳәм Наўайы көшелериниң кесилиспесинде жол өткелин қурыў, пиядалар жолларын қолайластырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев пайтахтымыздың Наўайы, Айбек, Нөкис көшелери бойлап жүрип, жоллардағы шараятты көзден өткерди, адамлар менен сәўбетлести.

Транспорт инфраструктурасы менен байланыслы және бир жойбар – Ташкент халықаралық аэропорты жанындағы көпир. Автомобильлер қатнаўына қолайлықты арттырыў мақсетинде ол кеңейтилип, қосымша эстакада қурылмақта. Оның узынлығы 650, ени 30 метр болады. Айланба түриндеги шығыў-түсиў жоллары қайырылып алыў қәўпин жоғалтып, ҳәрекетти аңсатластырады.

Президентимиз бул жердеги қурылыс процесин көрди, әтирапты көклемзарластырыў, саяманлы тереклер егиў керек екенлигин айтты.

Бүгин пайтахытымыздың Яшнабад районында да қурылыс жедел. Соның ушын жасыл бағларды сақлап қалыў жүдә әҳмийетли. Абдулла Қодирий ҳәм Киши айланба жолы арасындағы Элбек бағы мине, усындай шырайлы жерлерден. Мәмлекетимиз басшысы бул бағды сақлаў, халықтың дем алыўы ушын шараятларды кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Президент Шавкат Мирзиёев «Ташкент-Шығыс» аэропортының қурылысын да барып көрди.

Бул аэропорттың улыўма майданы 693 гектар. Жойбарға бола, онда 4 километр узынлықтағы ушыў-қоныў жолы, заманагөй терминаллар, самолётлар ушын ангар ҳәм перронлар болады. Аэропорт қолайсыз ҳаўа-райы шараятларында да ушыў-қоныўды тәмийинлеўши ICAO III-А категориясындағы заманагөй радиотехника ҳәм метрология әсбап-үскенелери менен тәмийинленеди.

Ҳәзирги күнде ушыў-қоныў жолы ҳәм жоқары мәртебели мийманлар терминалының имараты қурылған. Президент оларды көзден өткерди. Гезектеги қурылыс жумысларын қаржыландырыў, терминалдың сыртқы көринисин ҳәм делегациялар ушын қолайлықларды қайта көрип шығыў бойынша тапсырмалар берди.





ӨзА