Бисмилаҳҳир раҳмонир раҳим!

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Ҳүрметли Бас хаткер мырза!

Ҳәммеңизди бүгин «Буғаз араб мәмлекетлери – Орайлық Азия» жоқары дәрежедеги биринши саммитинде көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман.

Қәдирли болған Меккениң рәмзий дәрўазасы – гөззал ҳәм тәкирарланбас Жидда қаласындағы тарийхый ушырасыўымызды көп ўақыттан берли күтип атырған едик.

Усы абырайлы әнжуманымызды өткериў басламасы менен шыққаны ҳәм илаждың жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын Еки муқаддес мешит хызметкери, Саудия Арабстанының Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд Уллы Ҳәзирети ҳәм Мийрасхор, Министрлер Кабинетиниң баслығы, достымыз Мухаммед бин Салмон Ол Сауд Ҳәзирети Мырзаның атына билдирилип атырған миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Орайлық Азия ҳәм Буғаз регионы халықларын әзелден тығыз саўда байланыслары, бирдей қәдирият ҳәм үрп-әдетлер, ең әҳмийетлиси, муқаддес ислам динимиз беккем байланыстырып турады.

Мәўереннаҳр ҳәм Арабстан үлкелери арасындағы тарийхый байланысларды раўажландырыўда уллы ойшыл ҳәм алым бабаларымыздың теңсиз хызметлери бар екенлигин мақтаныш пенен еслеймиз. «Барлық муҳаддислердиң сәрдары» – уллы алым Имам Бухарий мине, усындай тулғалардан бири болып есапланады.

Мусылман дүньясындағы алты уллы муҳаддистиң екеўи регионымызда туўылып камалға келгени, әййемги Бухара болса «Қуббатул Ислам» аты менен даңққа ерискенин мақтаныш етемиз.

Бизге белгили, тоғызыншы әсирдиң басында Аббосийлер мәмлекети пайтахтындағы «Данышпанлар үйи» деп аталған академияда Орайлық Азиялы 200 ден аслам илимпазлар илимий жумыс алып барған.

Муса ал-Хорезмий, Ахмет Фарғаний, Әбу Райхан Беруний, Ибн Сина сыяқлы уллы илимпазларымыз болса бийбаҳа илимий шығармаларын мине, усы сулыў ҳәм жетик араб тилинде жаратып, пүткил жер жүзинде даңққа ерискен.

Ҳәзирги ўақытта пайтахтымызда сақланып атырған муқаддес Мусҳафи шариф – Усман Қураны үлкемиз ҳәм араб мәмлекетлери арасындағы байланыслар тарийхый ҳәм терең тамырларға ийе екенинен дәрек береди.

Бундай ибратлы мысалларды және көплеп келтириў мүмкин.

Биз бундай улыўмалық тарийхымыз ҳәм мийрасымыз заманагөй қатнасықларымызға беккем тийкар болып хызмет етиўи ушын барлық күшимизди қаратыўға таярмыз.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Әтираптағы қәўип-қәтерлерге қарамастан, регионларымыз тынышлық, турақлылық ҳәм раўажланыў мәканы болып келмекте.

Үлкен экономикалық, тәбийғый ҳәм интеллектуаллық ресурсларға ийе болған Буғаз мәмлекетлериниң глобал турақлылық ҳәм энергетикалық қәўипсизликти тәмийинлеўдеги орны теңсиз болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта Орайлық Азия ҳәм Буғаз мәмлекетлериниң бир-бирине исенимли ҳәм узақ мүддетли шерик сыпатында қарамақта.

Әсиресе, соңғы жыллары Өзбекстанның Буғаз мәмлекетлери менен байланыслары жаңа басқышқа көтерилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтемен. Ҳәзирги күнде елимизде жетекши компания ҳәм банклериңиз бенен әмелге асырылып атырған улыўмалық жойбарлар портфели 20 миллирд доллардан артты.

Унамлы тәжирийбелеримизден келип шығып, регионларымыз арасындағы әмелий бирге ислесиўди төмендеги бағдарларда кеңейтиўди усыныс етемиз.

Бириншиден. Биз сиясий тараўда кең көлемли байланысларды ҳәр қыйлы форматларда раўажландырыў тәрепдарымыз.

Дос мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымызды және де жақынластырыў мақсетинде келешекте ҳәр тәреплеме Дослық, регионлараралық байланыслылық ҳәм бирге ислесиў келисимин ислеп шығыў мәселесин биргеликте үйренсек, мақул болар еди.

Екинши бағдар – жоқары технологиялар ҳәм инвестициялар тараўындағы бирге ислесиў болып есапланады.

Биз инновациялар, «жасалма» интеллект, «жасыл» экономика, санластырыў, «ақыллы» аўыл хожалығы, нано- ҳәм биотехнологиялар тараўларындағы бирге ислесиў платформалары ҳәм жумысшы механизмлерин жаратыўымыз керек.

Усы мүнәсибет пенен, мәмлекетлеримиздиң бизнес ўәкиллериниң қатнасыўында Қоспа инвесторлар кеңесин шөлкемлестириўди ҳәм оның дәслепки мәжилисин Самарқандта өткериўди усыныс етемен.

Регионымызда Буғаздағы бирге ислесиўшилеримиз бенен дүзилген инвестиция фондларының потенциалынан үнемли пайдаланыў ҳәм жетекши банклериңиздиң жумысын кеңейтиўди қәлеймиз.

Сондай-ақ, «жасыл» энергетика жойбарларын биргеликте әмелге асырыў мақсетинде айрықша «Жол картасы»н қабыллаў әҳмийетли, деп есаплайман.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде АCWA Power, Мasdar, Мubadala, TACA, Nebras Power сыяқлы жетекши компаниялар менен улыўма қуўатлылығы 15 гигаваттан артық қуяш ҳәм самал станцияларын қурыў ҳәм энергияны сақлаў жойбарларын әмелге асырмақтамыз.

Келеси айда Саудия Арабстаны менен «жасыл» водородты ислеп шығарыў бойынша ири жойбарға тырнақ тасын қоямыз.

Үшинши бағдар – саўда ҳәм транспорт байланысын күшейтиў.

Буғаз мәмлекетлери менен еркин саўда режимин енгизиў, техникалық регламентлерди үйлестириў ҳәм электрон коммерцияны раўажландырыў әҳмийетли болып есапланады.

Бу бағдарда ҳәр тәреплеме Саўда келисимин қабыллаў мәселесин экспертлеримиз ислеп шығыўы керек.

Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын Буғаз мәмлекетлерине органикалық аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў механизмлерин қолланыўға таярмыз.

Транспорт ҳәм транзит тараўында Орта транспорт коридорында ең қолайлы тарифлерди қолланыў, ҳәзирги мультимодал коридорлардан кеңнен пайдаланыў ҳәм тиккелей авиақатнаўларды мақсетли субсидиялаў жәрдеминде көбейтиўди усыныс етемен.

Буғаз мәмлекетлерин ең жақын ҳәм қолайлы жол арқалы регионымыз менен байланыстыратуғын Транс-Аўған темир жолын қурыў стратегиялық жойбарында сизлерди белсене қатнасыўға шақырып қаламан.

Бул жол транспорт қәрежетлери ҳәм жүклерди жеткерип бериў мүддетлерин еки есеге қысқартыў имканиятын береди.

Бул бағдарларда анық усыныслар ислеп шығып, әмелге асырыў мақсетинде саўда ҳәм транспорт министрлеримиздиң турақлы сөйлесиўин жолға қойыў улыўмалық мәплеримизге хызмет етеди.

Кейинги әҳмийетли бағдар – экология ҳәм климат өзгериўи мәселеси. Глобал Климат саммити быйыл Дубайда болып өтиўи Буғаз мәмлекетлериниң бул бағдарда ерисип атырған жетискенлиги халықаралық тән алыныўы болып есапланады.

Сондай-ақ, Саудия Арабстанының «Жақын Шығыс жасыл басламасы» регионның экологиялық системасын түп-тийкарынан жақсылаўға салмақлы үлес қосып атырғаны мақтаўға ылайық.

Елимизде ашылып атырған Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети тийкарында биргеликте халықаралық изертлеўлер бағдарламасын таярлаў идеямызды мақуллайсыз, деп исенемен.

Дыққатыңызды бесинши бағдар – туризм тараўына қаратпақшыман. Буғаздан туристлер санын көбейтиў мақсетинде биз бул мәмлекетлердиң халқына визасыз тәртипти енгизгенбиз.

«Буғаз – Орайлық Азия» бирден-бир визасыз туристлик мәканын ҳәм туристлер ушын мөлшерленген заманагөй кластерлерди жаратыў, биргеликтеги туристлик өнимлерди көбейтиў мақсетке муўапық болар еди.

Буннан тысқары, регионларымыз жетекши туристлик операторларының форумын 2024-жылы Ислам дүньясының туризм пайтахты, деп жәрияланған Хийўа қаласында өткериўди усыныс етемен.

Гуманитарлық бағдарда мәмлекетлеримизде миллий мәденият ҳәптеликлери, мәдений мийрас көргизбелерин шөлкемлестириў арқалы дос халықларымызды және де жақынластырған болар едик.

Ҳәзир Өзбекстанда жүз мыңнан аслам бийбаҳа қолжазбалар сақланбақта. Бул бағдарда Оман Султанлығының жәрдеминде пайтахтымызда ири жойбар әмелге асырылғанын биз миннетдаршылық пенен атап өтемиз.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Биз жер жүзинде бақланып атырған исламофобия жағдайлары менен биргеликте гүресиўимиз ҳәм бул бағдарда Ислам бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде әмелий қәдемлер қойыўымыз керек.

Улыўма алғанда бул шөлкемниң жуўапкершигин ҳәм ўазыйпаларын қайта көрип шығыў ўақты келди, деп есаплайман.

Терроризм, экстремизм, радикализм ҳәм наркотрафикке қарсы гүресиў, жасларымызды бундай қәўип-қәтерлер Интернет ҳәм басқа да қураллар арқалы тарқалыўынан сақлаў бағдарында байланысларымызды күшейтиўди дәўирдиң өзи талап етпекте.

Дыққатыңызды Аўғанстан машқаласына қаратыўды қәлер едим. Бул елде тынышлық орнатпастан, тек ғана регионымыз емес, ал глобал қәўипсизликти де тәмийинлеў мүмкин емес.

Усы мәниде, Қатар ҳүкимети ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткериниң басламасы менен май айында Доҳада өткерилген арнаўлы ўәкиллер биринши ушырасыўларының нәтийжелерин унамлы баҳалаймыз.

Улыўма алғанда, бизиң регионларымыз интакер болып, үлкен-үлкен минберлерден Аўғанстан машқалаларына пүткил дүнья итибарын тартыўымыз, аўған халқының турмысын жеңиллетиўге мүнәсип үлес қосыўымыз керек.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Бүгинги сөйлесиўимиз, билдирилген пикир-усыныслар байланысларымыздың үлкен потенциалын көрсетти.

Регионларымыз енди ушыраспақта ҳәм үлкен бирге ислесиў есигин ашпақта. Оның ушын достымыз Мийрасхор Мухаммед Ол Сауд Ҳәзирети Мырзаға және бир мәрте айрықша рахмет айтаман.

Бундай ашық ҳәм нәтийжели ушырасыўларды избе-из даўам еттириў ушын гезектеги саммитимизди Өзбекстанда өткериўди усыныс етемен.

Әлбетте, ҳәзирги тарийхый саммитимиздиң нәтийжелери Буғаз ҳәм Орайлық Азия регионлары арасындағы көп тәреплемели байланысларды пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Итибарыңыз ушын рахмет