Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қоңырат  районлық бөлими хызметкерлери тәрепинен өткерилген  оператив илажда валюта саўдасы менен шуғылланыўшы пуқаралар усланды.

Атап айтқанда, пуқаралар Б.А. (алдын Жынаят кодексиниӊ 177-статьясы менен судланған) ҳәм А.Д. жәми 3 мыӊ 300 АҚШ долларын пуқара С.А.дан 38,1 миллион сумға сатып алған ўақтында усланып, олардыӊ жанынан 250 АҚШ доллары, 81 мыӊ 500 Қазақстан теӊгеси ҳәм 50,7 миллион сум айғақлы дәлил сыпатында алынды.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги