Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Кегейли районлық Кеңеси жанындағы “Ҳаяллар қанаты” тəрепинен “Исбилермен ҳаял” таңлаўының Кегейли районлық басқышы өткерилди.

 Бунда райондағы 16 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы, усы таңлаўдың аймақлық басқышында жеңимпаз болған 16 исбилермен ҳаял-қызлар қатнасып өз-ара беллести. Нəтийжеде Бахытлы мəкан пуқаралар жыйыны аймағынан қатнасқан жас исбилермен “Сарбиназ миллий кийимлери” ЖШЖ баслығы Сарбиназ Атаниязова биринши орынды ийелеп таңлаўдың республикалық басқышка жоллама алды.

Екинши орынға “Аллаяр Мухамедяр” ЖШЖ баслығы  Гулчеҳра Жуманазарова  мүнәсип деп табылған болса, үшинши орынды жеке исбилермен Дилбар Сейтниязова ийеледи.

– Жумыс баслағанымызға онша көп ўақыт болған жоқ, – дейди жеӊимпаз Сарбиназ Атаниязова. – Тийкарынан қарақалпақ миллий кийимлери болған көк көйлек, сәўкеле, қурақ көрпешелер, тақыя, қызларды узатыўда кийетуғын түрли кийимлер, сахна кийимлерине буйыртпа тийкарында тигип атырмыз. “Халық банки”нен  33 миллион сум миқдорида жеӊилликли кредит алып, қосымша тигиў машиналарын алдым. Ҳәзирше 5 қыз жумыс пмипенен тәмийинленген. Келешекте еле де кеӊейтип, жаӊа жумыс орынларын ашыўды нийет етип отырман.

Жеӊимпазлар ҳәм номинация ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги