Елликқалада Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ишки ислер министрлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети ҳәм Елликқала районлық ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген «Ҳаялға бахыт бериң…» атамасындағы IV республикалық ҳаял-қызлар форумы болып өтти.

Илаж алдынан форум қатнасыўшылары районда шөлкемлестирилген «Жаңа Өзбекстанда жаңа қәдемлер» атамасында сүўретлер көргизбеси менен танысты.




Форум қатнасыўшыларының гезектеги мәнзили – Наўайы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм саламатлық орайының жумысы менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, орайда район ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы А.Юлдашеваның аймақта ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик жумысын баслаў ҳәм кеңейтиў нийетинде болған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырыў мақсетинде өзиниң дәслепки нәтийжелери ҳәм келешекте режелестирилген жумыслардың презентациясы өткерилди.

Қатнасыўшылардың кейинги сапары «Елликқала» аўыл пуқаралар жыйынында жумыс алып барып атырған хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Буннан кейин, мәденият орайында районлық медицина бирлеспесиниң шыпакерлери тәрепинен шөлкемлестирилген «Ҳаял-қызлардың репродуктив саламатлығы» атамасында презентациясы тыңланды. Қәнигелер жыйналғанлардың өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап берди.


Буннан кейин мийманлар район орайында жайласқан «Ботаника бағы»на келди. Бийтәкирар ҳәм оғада гөззал бағда дүньяның түрли континентлери, сондай-ақ, «Қызыл китап»қа киргизилген өсимликлерди де көриўиңиз мүмкин.

23 гектар жер майданда жайласқан бул бағда дүньяның ҳәр бир регионларында жетистирилетуғын 10 мыңнан аслам гүл ҳәм теректиң түри бар.

Районның орайлық спорт майданшасы ҳәм 1-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде форум қатнасыўшылары ҳаял-қызлардың спорт жарыслары ҳәм районда жаслардың, соның ишинде, қызлардың спорт тараўында ерисип атырған жетискенликлери ҳаққында мағлыўматлар алды. Чемпион қызлар менен өз-ара пикирлести.





Илаж район орайында жайласқан Амфитеатр жанында жаслардың «Ҳаял-қызлар гимни» атамасында художниклер көргизбелери менен даўам етти.

Мәденият сарайында тийкарғы илажда шығып сөйлегенлер Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған реформалардың нәтийжесинде районда ҳаял-қызларға жаратылған шараятлар, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларымызға жақыннан жәрдем бериў, сондай-ақ, ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықтың алдын алыў бағдарында алып барылып атырған жумысларға тоқтады.

Илаж соңыңда искерлиги даўамында белсендилик көрсеткен қатнасыўшылар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ишки ислер министрлиги ҳәм Елликқала районлық ҳәкимлиги тәрепинен алғыснама ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги