Мойнақ районы ҳәкими, 1-сектор басшысы Б.Менглибеков ҳәм районлық Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлиминиң баслығы А.Сахиевтиң қатнасыўында Бозатаў аўыл пуқаралар жыйынында мәҳәлледеги 29 көше бийлери менен ушырасыў болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 30-март күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырма тийкарында аўыл пуқаралар жыйынына ажыратылыўы режелестирилген 500 миллион сум қаржының мақсетли жумсалыўы ҳаққында пикир алысылды.

Жыйналыс даўамында усы қаржының мақсетли жумсалыўы, оны мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаў ҳәм бүгинги күнде халықты қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыў жолында жумсаў бойынша пикир-усыныслар тыңланып, ажыратылыўы режелестирилген қаржының сарыпланыўы бойынша реже ислеп шығылды.

Сондай-ақ, 2023-жыл 17-июль сәнесинен басланған «Ашық бюджет» бағдарламасы тийкарында алып барылыўы зәрүр болған жумыслар ҳаққында түсиник берилип, пикир-усыныслар тыңланды.





Қарақалпақстан хабар агентлиги