Жақында БМШ Раўажланыў бағдарламасы, Халықтаныўшылық қоры сондай-ақ, Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми – ФАОның узақ жыллар даўам еткен гезектеги ири биргеликтеги жойбары жуўмақланды.

2021-жылдан 2023-жылға шекем әмелге асырылған биргеликтеги бағдарлама Аралбойы регионының шараяты аўыр аймақларында экономикалық ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги машқалаларын шешиўге тийкар болды. Жаслар, улыўма, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламының дөретиўшилик ҳәм инновациялық имканиятын арттырыўға айрықша итибар қаратылған.

БМШ Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша ҳәр тәреплеме шериклик траст қоры тәрепинен қаржыландырылған биргеликтеги жойбар бағдарларынан бири – аўыл халқының салмақлы бөлегин қурайтуғын жаслар ҳәм ҳаял-қызлар регион экономикасының өзине тән өзгешелигин есапқа алған ҳалда тараўдағы инновациялық тәжирийбени үй хожалықлары дәрежесинде үгит-нәсиятлаў еди.

Атап айтқанда, дийқаншылықтың инновациялық усыллары ҳәм жаңа басламаларды сынап көриў арқалы аўыл жәмәәтлеринде дәрамат алыў ушын қолайлы шараят жаратылды. Аралбойы регионындағы жергиликли исбилерменлер бизнесин раўажландырыўда ФАО тәрепинен көрсетилип атырған жәрдем оған мысал бола алады.

2023-жыл июньда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районындағы жойбар бенефициарлары Саламат Ержанов ҳәм Махсет Тоқсанбаев өз тармақларында товар балық жетистириў ҳәм кейин ала сатыў мақсетинде балық ҳәўизлерин модернизациялаў ушын зәрүр үскене ҳәм техникалар алған.

Қысқасы, шөлкем исбилерменлерге барлық зәрүр жәрдемди көрсетти, соның ишинде, аэраторлар, автоматикалық азықландырыўшылар ҳәм басқа да үскенелер, сондай-ақ, балық азық-аўқаты ҳәм көбейтиў ушын балықлар жеткерип берилди. Ҳәзирги күнге шекем жаңа балық бассейнлеринде балық жетистириў ҳәм кейин ала сатыў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.

Еслетип өтемиз, өткен жылы Бозатаў районында бул коммерция идеясын табыслы әмелге асырған ҳәм сол арқалы өз хожалығының дәраматын көбейтиўге ерискен жойбардың және бир бенефициары Садық Дүйсенбаев ушын усындай балық бассейни шөлкемлестирилген еди. Жойбар бенефициарлары ушын шөлкемлестирилген тренингте балық жетистириўди үйрениў, суў бассейнлерин жақсылаў ҳәм дәрилеў, балықларды азықландырыў, суў бассейнлери ҳәм ҳәўизлер гидрохимиялық режиминиң өзгешеликлери ҳәм басқа да көплеген мәселелер көрип шығылған.

Жойбарды әмелге асырыў процесинде аўыл хожалығын раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша шөлкемлестирилген 30 дан аслам тренингте 816 пуқара, соның ишинде, 552 ҳаял-қыз қатнасты. Олар шарўашылық, бағшылық, аўыл хожалығында суўды үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў, топырақты қорғаўшы аўыл хожалығы ҳәм балықшылық тараўларында алдыңғы сырт ел тәжирийбесин үйренген.

Және бир әҳмийетли мағлыўмат, жойбар шеңберинде Қарақалпақстанның Мойнақ, Қоңырат ҳәм Бозатаў районларында үш хожалықта мийўели терек нәлханалары қурылды. Ҳәммеси болып үш мыңнан аслам нәллер егилген.

Қулласы, биргеликтеги бағдарлама шеңберинде ФАО мақсетли топарлар жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм аўыл шаңарақларының дәраматын арттырыў бойынша көнликпе ҳәм тәжирийбелерин қәлиплестириўге, халықтың әззи қатламын қоллап-қуўатлаўға, ең әҳмийетлиси, БМШтың «ҳеш кимди артта қалдырмаў» принципи тийкарында экономикалық, азық-аўқат қәўипсизлиги машқалаларын шешиўге үлес қосты.

Б.Худойбердиев, ӨзА