Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басламасы менен усы жылдың 11-31-июль күнлери аралығында елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы Нөкис қаласында да «Муғаллимлер ҳәм билимлендириў системасы хызметкерлериниң денсаўлығын қорғаў күнлери» шеңберинде тереңлестирилген медициналық тексериўлер шөлкемлестирилмекте.

Усы күнлерде билимлендириў тараўында хызмет етип атырған муғаллимлер ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияшылары арасында үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилип, олар бийпул медициналық тексериўден өткерилмекте.

Нөкистеги 1 ҳәм 3-санлы шаңарақ поликлиникасында болып өткен усындай илажда аймақлардағы улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң 100 ден аслам муғаллим және тәрбияшылары қатнасты.

Олар акция шеңберинде ЭКГ, УЗИ, лаборатория тексериўлери, сондай-ақ, кардиолог, невропатолог, уролог, гинеколог, офтальмолог ҳәм эндокринолог сыяқлы тар қәнигелер тәрепинен медициналық тексериўден өткерилип, зәрүрли усыныслар берилди.

– Бүгин тәжирийбели медицина хызметкерлери мениң денсаўлығымды ЭКГ аппаратында тексерип, анық диагноз қойды, -дейди 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң муғаллими Муҳаббат Мусаева. – Биз педагоглар ушын медициналық тексериўлерди шөлкемлестирген тараў хызметкерлерине өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

– Көп жыллардан берли мазам жоқ, -дейди 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң муғаллими Тазагүл Тәжимуратова.  – Педагогларды медициналық тексериўден өткерип атырғанын еситип, жүдә қуўандым. Олар тексериўден өткерип, кеселлигиме анық диагноз қойып берди. Бундай итибар ҳәм ғамхорлықтан миннетдармыз.

Саламатлық көрсеткишинде машқаласы бар муғаллим ҳәм тәрбияшылар районлық ҳәм республикалық дәрежедеги емлеў-профилактикалық мәкемелерине жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги