Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң усы жылдың өткен 6 айы даўамында исленген жумысларының жуўмағына бағышланған мәжилиси болып өтти.

Оны партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниӊ баслығы Н.Қайыпбергенов басқарып барды.

Атап өтилгениндей, өткен айлар даўамында партияға жаңадан 851 ағза қабыл етилип, 2 басланғыш партия шөлкеми дүзилди. Қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң турақлы комиссиялары мәжилислеринде 47 мәселе көрип шығылып, қала ҳәм районлық Кеңеслердиӊ сессияларына 48 мәселе киргизилген.

Соның менен бир қатарда, халықты қыйнап киятырған машқалалардың шешимин табыў мақсетинде сайлаўшылардың мүрәжатлары тийкарында тийисли орынларға 63 депутатлық сораўы шығарылған.  Олардан 40 депутатлық сораў унамлы шешимин тапқан.

Партия тәрепинен ерисилген бундай нәтийжелерде қала ҳәм районлық Кеңеслерде хызмет етип атырған партия хызметкерлериниң орны гиреўли. Сонлықтада өткен айлар даўамында белсендилик көрсеткен бир қатар партия хызметкерлериниң мийнети айрықша атап өтилди.

Соның менен бирге, өз хызмет ўазыйпасына жуўапкершиликсиз қараған партияның районлық Кеңес баслықларының жумыслары сын көзқарастан көрип шығылып, оларға интизамый жаза шаралары көрилди.

  Қарақалпақстан хабар агентлиги