Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде турмысымызда жүз берип атырған өзгерислерди узағымызды жақын ететуғын транспорт қураллары ҳәм тегис жоллардың мысалында да көриў мүмкин. 

Президентимиздиң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Мойнақ районындағы жергиликли әҳмийетке ийе 4Н86 “4 Р173 автомобиль жолының Шеге аўылы – Порлытаў аўылы – Қазақдәрья аўылы» автомобиль жолының 9-24 километр бөлегинде ири оңлаў жумыслары жүргизилмекте.


– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 29-апрель күнги «2022-жылда жол-транспорт инфраструктурасы объектлеринде қурылыс-оңлаў жумысларын жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалары, «Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, бар машқалаларды системалы түрде шешиў илажлары ҳаққында»ғы мәжилис баянламасына тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң басшылығында Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша 2022-2023-жылларға мөлшерленген жол картасы ислеп шығылды, -дейди Мойнақ районы ҳәкиминиң Қурылыс, коммуникация, коммунал хожалық, экология ҳәм абаданластырыў мәселелери бойынша бас қәнигеси Қуралбай Генжебаев. – Усы жол картасы тийкарында район аймағындағы жергиликли әҳмийетке ийе улыўма узынлығы 76 километр болған 4Н86 “4 Р173 автомобиль жолының 9-24 километр бөлегинде ири оңлаў жумысларын жүргизиў белгиленген.

Улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларын қурыў ҳәм реконструкциялаў дирекциясы мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен буйыртпа берилип, Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитетиниң хаты тийкарында «Қыпшақ жоллардан пайдаланыў» унитар кәрханасы бас қурылысшы ҳәм «Тақыятас жоллардан пайдаланыў» унитар кәрханасының Шымбай филиалы бөлип алып ислеўши қурылысшы етип белгиленип, 2022-жылдан баслап жол картаның 1-басқышында белгиленген 3 километр аралықта ири оңлаў жумыслары алып барылды.

Ҳәзирги ўақытта жол картаға муўапық, 2-басқышы баслап жиберилди ҳәм Шеге аўылы – Порлытаў аўылы – Қазақдәрья аўылы автомобиль жолына қара қапламалы асфальт жайыў жумыслары әмелге асырылмақта.




Мойнақ районы ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети берген мағлыўматларға қарағанда, 4Н-110 Мойнақ – Арал теңизи пристаны (ҳәзирги Мойнақ көшеси) автомобиль жолында да ири қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бул жумыслар 2022-2024-жыллар аралығында басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы режелестирилген болып, «Улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларын қурыў ҳәм реконструкциялаў дирекциясы»ның буйыртпасы тийкарында Мойнақ районлық  Жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен орынланбақта.

2022-жыл даўамында қурылыс ушын 270 миллион сум қаржы ажыратылып, белгиленген қурылыс жумыслары толық әмелге асырылған еди. Бүгинги күнде жолдың қалған бөлегиниң қурылысы ушын 1 миллиард сум қаржы ажыратылып, Мойнақ – Арал теңизи пристаны жолының қурылыс жумыслары даўам еттирилмекте. Сондай-ақ, 4P -173 Қоңырат – Мойнақ автомобиль жолының 59-64 ҳәм 67-70 километр аралығына асфальт жайыўға таярлық жумыслары қызғын әмелге асырылмақта.







Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктура менен тәмийинленгенлик дәрежесин және де жақсылаў арқалы халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2023-жылда Мойнақ районындағы 10 километрлик топырақлы ишки жолларға қум-щебень араласпасын төгиў белгиленген болып, бүгинги күнде жумыслар реже тийкарында әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйынындағы ишки көшелерде қум-щебень араласпасын төгиў ушын таярлық жумыслары алып барылмақта.

Халықтың узағын жақын етип, жол салыўдай саўап ислер қызғын даўам етпекте.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы