Бүгинги күнде халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлардың халыққа хызмет етиўи барлық тараўларда көзге тасланбақта. Соннан, жуўапкер уйымлардың орынларға шыққан ҳалда халықтың мүрәжатлары тыңланып, имканиятлардан келип шығып, оларға көрсетилип атырған жәрдем, қайырқомлық илажларын атап өтсек болады.

Пуқаралардың елимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы болып жасаўы ушын әмелге асырылып атырған усындай илажлар кадастр хызмети  тәрепинен де жолға қойылған болып, нәтийжеде физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң кадастр тараўындағы машқалалары, көшпес мүлклери бойынша ҳүжжетлериндеги кемшиликлерди сапластырыўға ерисилмекте.

Пуқаралардың алысын жақынлатыў, артықша әўерегершиликлердиң алдын алыў ҳәм қәрежетерин үнемлеў мақсетинде аймақларға шыққан ҳалда тийисли мәкемелер менен биргеликте көшпели кадастр хызметлери де көрсетилмекте.

Гезектеги көшпели қабыллаў Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Беруний районлық филиалы тәрепинен райондағы  Мустақиллик, Беруний, Шимом Наўайы АПЖ ларында, Палваш, Найман, Оби-ҳайот МПЖларында өткерилди.

– Бул жерлерде өткерилген көшпели кадастр хызметлеринде жәми 242 арза, соннан 144 арза кадастр паспортына ҳәм 98 арза мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша қабыл етилди,-дейди  Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бас қәнигеси П.Әжимуратов.

Сондай-ақ, Әмиўдәрья районындағы мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген ең көп аймақ есапланган Холимбег АПЖ турғынлары ушын да көшпели кадастр хызмети шөлкемлестирилди.

Келип түскен мүрәжатлардан көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм кадастр паспортларын рәсмийлестириў бойынша жәми 80 нен аслам  арза қабыл етилди.






Өткерилип атырған көшпели хызметлерде пуқараларға қолайлық жаратыў ушын,  Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Әмиўдәрья районлық филиалы, районлық архив бөлими,  мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм қурылыс бөлими қәнигелери аймақлардың өзинде хызмет көрсетпекте.

Бундай илажлар аймақларда даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги