Жаз айының ыссы күнлеринде қаўын-ғарбызлардың саўдасы шыңына шығады. Қәнигелердиң мағлыўматына қарағанда, көпшиликке шөлди басатуғындай көринетуғын бул палыз өнимлерин жетистириўде азотлы төгинлерден көп пайдаланылған болса, денсаўлыққа зыян жеткериўи мүмкин екен.

Республикамыз аймағында ҳаўа-райының кескин ысып кетиўи менен палыз өнимлериндеги нитрат муғдарының көбейиўи себепли халық арасында өткир жуқпалы ишек кеселликлери ҳәм аўқаттан зәҳәрлениў жағдайлары келип шығыўы мүмкин. Нитрат элементиниң көп болыўының тийкарғы себеплериниң бири, көпшилик дийқанлар бул өнимлерди жетистириўде азотлы төгинлерден ҳәдден тыс көп пайдаланбақта.

Жақында Қанлыкөл районлық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен жумысшы топар дүзилип, райондағы дийқан базарында, халық көп жыйналатуғын орынларда, магистрал жоллардың бойларында, мәҳәлле ҳәм басқа да аймақларда сатылып атырған усындай палыз өнимлери тексериўден өткерилди.

-Қурамында нитрат элементи нормадан тыс болған ғарбызды жеген инсанда оның белгилери 4-6 сааттан соң пайда болады, -дейди районлық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими баслығы Гүлзар Нурымбетова. – Инсанда кеўил айныўы, қусыў, диарея, қарын ҳәм бас аўырыўы, 38-39 градусқа шекем температураның көтерилиўи, жүрек соғыўының төменлеўи, қол-аяқлардың тоңыўы ҳәм басқа да белгилер байқалыўы мүмкин. Соның ушын тәбийғый түрде писип-жетилискен палыз өнимлерин алған мақул болады.

Қаўын-ғарбыз өнимлериниң қурамындағы нитрат муғдарын анықлаў, халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў мақсетинде барлық аймақларда усындай рейд илажлары шөлкемлестирилип, халыққа ҳәм сатыўшыларға профилактикалық түсиндириў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги