Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесине 10-санлы «А.Мусаев» сайлаў округинен сайланған депутат Л.Ешбаева өзи тәрепинен 2023-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша сайлаўшыларға есабат берди.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде, әсиресе, Қарақалпақстан Республикасында көплеген жаңаланыўлар, халық пенен ислесиўде айтарлықтай жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, Қанлыкөл районы бойынша халықтың машқалаларын шешиўде әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде 2015-жылға салыстырғанда, халықтың электр энергиясы, газ ҳәм таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи арттырылып, ишки жолларды оңлаў, балаларды бақшаға қамтыў көрсеткишлери де бираз жоқарылады.

Быйылғы жылдың 6 айы даўамында Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиниң 6 сессиясы өткерилип, онда 94 мәселе көрип шығылды.

– Атап айтқанда, 36 мәселе сектор басшылары, мәкеме, кәрхана ҳәм тийисли шөлкем басшыларының есабаты, 45 мәселе басшылардың мәлимлемеси болса, бир қатар басқа мәселелер де депутатлар тәрепинен додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди,-дейди депутат Л.Ешбаева.

Өзим де депутат сыпатында 8 мәрте халық пенен ушырасыўлар өткерип, үйме-үй жүрип машқалаларды анықлаў ҳәм оны унамлы шешиўге ҳәрекет еттим. Ушырасыўлар даўамында 5 машқалалы мәселелер көтерилди. Соннан 1 мәселе сол күнниң өзинде шешилген болса, 4 мәселе қадағалаўға алынып, район ҳәкимлигине, тийисли министрликлерге 4 депутатлық сораў жолладым. Қәўендерлер менен биргеликте 18 шаңарақтың жағдайынан хабар алынды.

Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Републикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында бир қанша пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Тийисли қарарлар тийкарында, Қанлыкөл районында барлық дәреклер есабынан 2022-2023-жылларда 6 мәҳәлледеги 8 объектте 8 млрд. 304,0 млн. сумлық қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды.

Бүгинги күнде Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-октябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинленгенлик дәрежесин және де жақсылаў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, районда 15 километрлик, баҳасы 3 млрд. 190 млн. сумлық ишки жолларға қум шағыл тас араласпасын жайыў жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта бул қурылыс оңлаў жумыслары 85 процентке  орынланған. Бул бойынша районлық Кеңес депутатлары менен биргеликте депутатлық қадағалаў жумыслары алып барылмақта.

Усындай кең көлемли жумыслардан орынлы пайдаланып, қыйтақ жерлери бар пуқараларымыз, жерлерди ҳәзирден баслап таярлап, жап-салмаларды тазалап, исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўшилер болса, ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен жеңиллетилген кредитлер алып, өз исбилерменлигин баслайтуғын ўақты келди.

Жақсы нийетлер менен басланған жумыс, әлбетте, жақсы нәтийжелер береди.

Сондай-ақ, илажда Жоқарғы Кеңес Баслығының барлық, қала районларда халықтың арасында жүрип, машқалаларын тыңлап, оларды шешиў бойынша дүзилген анық, мәнзилли режелериниң нәтийжелери, бүгинги күнге шекем даўам етип атырған «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде жәрдемге мүтәж инсанларға берилип атырған жәрдемлер, «Ашық бюджет», «Мәҳәлле бюджети» ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Ушырасыў даўамында жаңадан қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында аймақ турғынларына үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, депутатлық қадағалаўға алынды.


Ушырасыўда аймақ белсендилериниң пикир-усыныслары ҳәм машқалалары тыңланып, шешимин табыўы керек болған мәселелер бойынша тийисли мәкеме-кәрханаларға депутатлық сораўлар жиберилетуғынлығы белгилеп алынды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги