Статистика агентлиги мағлыўматларына қарағанда, 2023-жылдың 1-июль жағдайына мәмлекетимизде дизимнен өткен санаат тараўындағы кәрханалар саны 108 080 ди қурады.
Санаат кәрханалары саны 2022-жылға салыстырғанда 7,2 % ке көбейген.
Соңғы жылларда санаат тараўында дизимнен өткен кәрханалар саны (1-июль жағдайына)
2019-жылда – 69 451
2020-жылда – 80 886
2021-жылда – 95 416
2022-жылда – 100 849
2023-жылда – 108 080
Гулқумар Жақсылыкова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги