Ҳәр ҳәптениң пийшемби күни Нөкис қалалық ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы ҳаял-қызлар бойынша бөлиминиң шөлкемлестириўинде қаладағы мәкан пуқаралар жыйынларында көшелерге бекитилген көше басы ҳаял-қызлары менен турақлы түрде сәўбетлесиўлер өткериў жолға қойылған.
Гезектеги ушырасыўлар қаланың 3-секторына қараслы Халықлар дослығы, Гүлзар, Өрнек, Fәрезсизлик ҳәм Сәрбиназ мәҳәллелеринде көше бийапалары менен «Биз зорлыққа қарсымыз» сүрени астында өткерилди.
Ушырасыўларда ҳаял-қызлар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардын алдын алыў, елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олар ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берилип, шаңарақлардың аўызбиршилигин сақлаўдың әҳмийети кеңнен түсиклер берилди.
– Бүгинги күнде ҳаял-қызлар тәрепинен ислениўи мүмкин болған жынаятшылық ҳәм хуқықбузарлықтың алдын алыўда мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары баслықларының ҳаял-қызлар ҳәм социаллық, руўхый ислери бойынша биринши орынбасарлары менен биргеликте үйме-үй кирилип, шаңарақлардың машқалалары үйренилип, машқалаларды шешиў илажлары көрилмекте,-дейди бөлимниң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша үлкен инспекторы А.Наменова.
Әмелге асырылып атырған профилактикалық илажларға қарамастан Нөкис қаласында 6 ай даўамында ҳаял-қызлар тәрепинен исленген жынаятшылық 83,3 процентке өсип кетиўине жол қойылған.
Жынаят ислеген жәми 55 ҳаял-қыздың қарсыcына жынаят ислери қозғатылды.
2023-жылдың 6 айы даўамында 284 (2022-жылы 6 айда 364) ҳаял-қызға «қорғаныў ордери» берилген болып, өткен жыл менен салыстырганда 22 процентке азайды.
Усы қорғаныў ордерлериниң берилиўи нәтийжесинде 126 шаңарақ жарастырылды, 157 шаңарақтағы келиспеўшиликлердиң алды алынды.
2023-жылдың 6 айы даўамында ҳаял-қызлар тәрепинен өз жанына қастыянлық етиў жағдайлары 20 процентке азайыуына ерисилди..
Усы жылдың 6 айы даўамында 421 шаңарақтың жасаў шараятлары үйренилди, сол шаңарақлардағы үйрениў барысында анықланған 373 машқалаға унамлы шешим табылды.
Бәнтликке көмеклесиў ҳәм халықты социаллық қорғаў орайында 53 жумыссыз ҳаял-қызлар болып, олардың бәнтлиги тәмийинлеў илажлары көрилмекте.
Илажларда ишки ислер уйымлары хызметкерлери менен бирге ислесип, усы бағдардағы жумысларда оларға жақыннан жәрдем бериў мәселелери додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.
Ушырасыўлар даўамында Ақжағыс МПЖда жасаўшы ҳаял-қызлар, жасы үлкен нураний ата-апаларымыз сол аймақтағы 9-санлы шаңарақлық поликлиникасы тәрепинен бийпул рентгенге түсирилип, медициналық тексериўден өткерилди.
Усы мазмундағы ушырасыўлар Нөкис қаласындағы 4-секторға қараслы Нәўпир, Анасай ҳәм Саманбай МПЖ ның көше бийапалары менен де өткерилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги