ФОТОРЕПОРТАЖ

Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районындағы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынында 4 мың 200 ден аслам халық жасайды. Кейинги ўақытларда бул жерде исбилерменликти раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша сезилерли жумыслар исленбекте.

МПЖдағы ҳәким жәрдемшиси Амандық Бисенғалиевтиң атап өтиўинше, усы жылдың биринши ярымында 48 пуқараның мүрәжаты тийкарында дийқаншылық, өндирис, шаңарақлық исбилерменлик ҳәм өнерментшилик пенен шуғылланыўы ушын оларға банклер тәрепинен 880 миллион 700 мың сум муғдарында жеңиллетилген кредит ажыратылыўына ерисилди.








– Кондитер өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў мақсетинде ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен банктен 11 ярым миллион сум кредит алып, исбилерменлик жумысымды басладым, – дейди «Дослық» МПЖда жасайтуғын Ботакөз Даниярова. – Ҳәзирги ўақытта той ҳәм кешелерге буйыртпа бойынша торт өними ҳәм ширинликлерди таярлап бермектемиз. Өнимлеримизге талап барған сайын артып барып атыр.

Усы мәҳәлледен Қуўаныш Худайбергенов те усы жылдың басынан пластикалық терезелер ислеп шығарыў цехин шөлкемлестирген еди. Бүгинги күнде бул цехте үш адам турақлы дәрамат дәрегине ийе. Цех өнимлерине халықтан көплеген буйыртпалар келип түсип атырғаны себепли олардың қолы тиймейди. Дәрамат та соған жараса – салмағы барған сайын артып бармақта.

 М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги