Бажыхана комитети жуўапкер басқарма баслықларының орынларға шыққан ҳалда аймақлық структуралардың жумысын үйрениў, машқала ҳәм мәселелердиң шешимин табыўда оларға әмелий жәрдемлесиў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған сапарлар даўам етпекте.

Атап айтқанда, қәўипсизлик басқармасының баслығы Ю.Тилавов Қарақалпақстан Республикасында болып, «Қарақалпақстан» темир жол ҳәм «Даўыт-ата» шегара бажыхана постларында хызмет етип атырған бажыханашылардың жумысы менен жақыннан танысты.

Ушырасыўда кейинги жылларда бажыхана уйымлары хызметкерлериниң социаллық қорғаўға қаратылып атырған итибар, хызметкерлер ушын жаратылып атырған шараятлар теңсалмақлы тәризде хызмет етиў, өзине жүклетилген ўазыйпаларға жуўапкершилик пенен қараў ҳәр бир бажыханашының миннетлемеси екени және бир мәрте атап өтилди. Материаллық мәпдар болып, хызмет ўәкилликлеринен шетке шығыў ямаса өзине жүкленген ўазыйпаларды толық түрде орынламаў, биринши гезекте, шаңарағына, Ўатанына ҳәм халқына қыянет саналатуғыны, перзентине ҳадал ас жегизиў арқалы ғана оның тәрбиясына жуўапкер бола алатуғыны айтылды.

Басқарма аппараты, «Қарақалпақстан» темир жол ҳәм «Даўыт-ата» шегара бажыхана постларында болып өткен ушырасыўлар даўамында жылдың басынан бажыхана хызметкерлери менен өткерилген 54 рет улыўма ҳәм 19 рет жеке тәртиптеги профилактикалық сәўбетлерде және де үлкен нәтийжелерге ерисиў ҳәм хызметкерлердиң коррупциялық жағдайларды жол қойыўға мейиллигин жоқ етиў ушын олардың шаңарағы, жақынлары менен бирге ислесиўде ислеў мәселелери көрип шығылды. Бул бағдарда хызметкерлердиң ҳуқықый билимданлығын, ҳуқықый сана сезимин арттырыў бойынша турақлы түрде әмелге асырылыўы керек болған илажлар белгилеп алынды.

Бүгин ҳәр бир хызметкерден жумыс ислеў даўамында пуқаралар ҳәм сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшылары менен өз-ара қатнасықларда жақсы мүнәсибетте ҳәм сергек болыўы, нызамлы ис-ҳәрекетлерди орынлаў талап етиледи. Өзине жүклетилген ўазыйпаларды шын кеўилден, жуўапкершилик пенен орынлаған хызметкер болса раўажланып, тыныш турмыс кеширеди. Шөлкемлестирилип атырған бундай ушырасыўлардан гөзленген мақсет те хызметкерлерди туўра жолға бағдарлаў болып есапланады.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы