Жақында мәмлекетимизде болып өткен ири сиясий процесс – Президент сайлаўы ҳаққында сырт еллилер көплеген унамлы пикирлер билдирмекте. Төменде қытайлы бир неше эксперттиң пикирлерин келтиремиз.

Цзинь Чжэ, Қытай Жәмийетлик илимлер академиясы Россия, Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия институты директорының орынбасары:

Өзбекстанлылар мүддетинен бурын Президентлик сайлаўда белсене қатнасты. Бул Өзбекстан халқының мәмлекет келешегине кәмил исеним менен қарайтуғынынан дәрек береди.

Пуқаралардың көпшилиги Шавкат Мирзиёевқа даўыс берип, әмелдеги Президенттиң реформалары, ашық-айдын сиясаты кеңнен қоллап-қуўатланып атырғанын және бир мәрте тастыйықлады. Демек, 2016-жыл басланған кең көлемли трансформация бағдарламасын әмелге асырыў даўам етпекте.

Булардың бәри экономикалық раўажланыўдың жоқары пәтин сақлап қалыў кепили болып есапланады. Халықтың абаданлығы барған сайын жақсыланып, мәмлекеттиң келеси жедел раўажланыўы және де жарқын түске енеди, деп исеним билдириў ушын тийкар бар.

Ли Юнцюань, ҚХР Мәмлекетлик кеңеси Социаллық раўажланыў орайы жанындағы Евразия социаллық раўажланыўды изертлеў институтының директоры:

9-июль күни болып өткен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы мәмлекетте апрель айында өткерилген Конституциялық референдумның логикалық даўамы болып есапланады. Бул илажлар Жаңа Өзбекстанның стратегиясын және де избе-из турмысқа енгизиў ушын әҳмийетли институционаллық тийкар, кепиллик жаратқаны менен айрықша әҳмийетке ийе.

Жаңа Өзбекстан стратегиясы бир тәрептен мәмлекетте кейинги жылларда әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжеси тийкарында, екинши тәрептен дүнья жүзинде болып атырғаны геосиясий ўақыялар есапқа алынған ҳалда ислеп шығылған. Бул ҳүжжетти терең үйренип шыққан қәниге сыпатында исеним менен айта аламан, Стратегия халық абаданлығын турақлы арттырыў жаңа шараятлар жаратыў тийкарында мәмлекет ҳәм жәмийетти буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Чжан Цинь, Қытайдағы «Shanghai Art Fair International Exhibition» компаниясының баслығы:

– 9-июль күни болып өткен Өзбекстан Президенти сайлаўында халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасып, илаж миллий сайлаў нызамшылығы ҳәм халықаралық демократия стандартларына муўапық түрде, ҳәр тәреплеме пуқта таярлық пенен өткерилгенине гүўа болдым.

Сайлаў ашық-айдынлық ҳәм теңлик сыяқлы демократия нормалары тийкарында өткенин де айрықша атап өтиў керек. Президентликке сиясий партиялардан алға қойылған ҳәр бир талабанға бирдей имканият, шараят жаратып берилди.

Участкаларда пуқаралар өз ҳуқықынан толық пайдаланыў ушын барлық шараят жаратылған еди. Даўыс бериў процесин нызамшылық нормалары бузылмаған ҳалда өтти. Өзбек халқы өзине тән белсендилик көрсетип, ертеңги күнге, өз мәмлекетиниң тәғдирине бийпәрўа емес екенин көрсеткени менде жақсы тәсир қалдырды.

У Биху, Пекин университетиниң профессоры:

– Бәринен бурын, Өзбекстан халқын Президент сайлаўы табыслы өткени менен қутлықлайман.

2023-жыл мәмлекет ушын әҳмийетли процесслер жылы сыпатында тарийхта қалады, десек сира бийкарға болмайды. 30-апрель күни болып өткен референдумда Конституция жаңаланды. Бул реформаның логикалық даўамы сыпатында 9-июль күни мүддетинен бурын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтти. Мәмлекетте турмыслық ҳәм унамлы өзгерислер табыслы өтип атырғаны қуўанышлы.

Өзбекстан раўажланыў ҳәм модернизация жолынан бармақта. Барлық тараўларда айрықша жаңаланыўлар көрингенин атап өтиў керек. Буның негизинде, сөзсиз, халықтың абаданлығын, мәмлекеттиң гүллеп-жаснаўын тәмийинлеў мақсети жатыр.

Бүгин көп қырлы Өзбекстан – Қытай қатнасығы жедел ҳәм ҳәр тәреплеме раўажланып атырғанына гүўамыз. Республиканың қытайлы инвесторлар ушын инвестициялық тартымлылығы артпақта. Бүгинги күнде бирге ислесиўде әмелге асырылып атырған өз-ара пайдалы жойбарлардың көлеми кеңеймекте.

Биз мәмлекеттеги реформаларды бир аўыздан қоллап-қуўатлаймыз ҳәм бул бағдарда ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таярмыз.

ӨзА