Қарақалпақстан Республикасында экологиялық жағдайды жақсылаў, қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды тәртипке салыў үлкен әҳмийетке ийе болып, бүгинги күнде бул бағдарда тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажларды айрықша атап өтсек болады.

Биз Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы Махсуд Джуманиязов пенен усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы сәўбетлестик.

Махсуд Алланазарович, соңғы жылларда Арал теңизиниң қурыған ултанында «жасыл қаплама» тоғайлықларын пайда етиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтсеңиз?

– Арал теңизиниң қурыған ултанынан көтерилип атырған дузлы шаң-тозаңлардың зыянлы тәсирин азайтыў бойынша бир қатар көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, усы күнге шекем 1 624 мың гектар жерге «жасыл қаплама» тоғайлықларын пайда етиў мақсетинде басқа ўәлаятлардан ҳәм өзимиздиң жергиликли күш ҳәм қуралларымызды жумсап сексеўил ҳәм басқа да шөл өсимликлери егилди. Ал, быйылғы жылдың алты айы даўамында 124,8  мың гектарға сексеўил ҳәм басқа да шөл өсимликлерин егилип, реже 124,8 процентке орынланды.

Тоғайлықларды жаратыў жумысларына 500 ден аслам жумысшылар ҳәм механизаторлар, 200 ден аслам техника, 4 киши авиация тартылды.

Сондай-ақ, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде районларда ҳәм қала аймақларында 9 миллион 135 мың түп саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери егилип, белгиленген бул реже де артығы менен, яғный 104 процентке орынланды.

Қала ҳәм районларда шөлкемлестирилген штаблар тәрепинен «жасыл мәкан» электрон платформасына киргизилген 8 миллион 997 мың түп нәллердиң егилгени бойынша орынларға шығылып әмелге асырылған мониторинг жумыслары нәтийжесинде экология хызметкерлери тәрепинен 8 миллион 861 мың түп нәлдиң егилгени тастыйықланды.

Бул илажларда пүткил халқымыздың аўызбиршилик пенен бирге ислесиўи, қоршаған орталықтың тазалығына, экологиямызды жақсылаўға айрықша итибар қаратыўы үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

– Бурыннан бар тереклерди, әсиресе, тоғайлардағы тораңғыл, жыңғыл ҳәм басқа да өсимликлерди шаўып пайдаланыўдың тәртиби қандай?

– Быйылғы жылдың алты айы даўамында Мәмлекетлик орай интерактив порталы арқалы мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын 6925 түп терек ҳәм путаларды кесиў ушын рухсат берилиўи соралып 43 мүрәжат келип түскен.

Бул мүрәжатлар хызметкерлеримиз тәрепинен орынларға шығып үйренилди ҳәм 14 мүрәжаттағы қуўрап қалған, кеселликке ушыраған, кеселлик тарқатыўшы ҳайўанлар менен жәнликлердиң мәканына айланған, адамлардың өмири ҳәм денсаўлығына, юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң мүлкине қәўип салатуғын 607 түп терек санитар кесиўге, 7 мүрәжаттағы 27 теректи путаў ҳәм көринис бериўге унамлы жуўмақлар берилди. Ал, 22 мүрәжаттағы 6291 түп теректи кесиўге қарсы жуўап берилип, сақлап қалынды.

  • Шығындылар менен байланыслы жумыслар қалай әмелге асырылмақта?

– Аймақларды санитариялық жақтан тазалаў жумыслары бойынша Нөкис қаласында «Нөкис тазалаў», «Қурбанбай коммунал сервис», «Нөкис тазалық», «Мыңбай Нөкис», «Нөкис эко сити транс», «Эко клин сити», «Рудел Рековери» ЖШЖ жеке меншик кәрханалары халыққа хызмет көрсетип келмекте.

Қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлерин басқышпа-басқыш мәмлекетлик-жеке меншик шерикликке өткериў мақсетинде «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасының Төрткүл, Елликқала районлық филиаллары «Төрткүл таза аймақ кластер» ЖШЖ ға, Шоманай, Мойнақ, Қоңырат районлық фииаллары «Нөкис эко сити транс» ЖШЖ ға, Қараөзек, Тахтакөпир, Әмиўдәрья районлық филиаллары «Global Position system» ЖШЖ ға келисим тийкарында бириктирип берилди.

Ал, «Таза аймақ» МУК тиң Нөкис, Кегейли, Шымбай, Қанлыкөл, Тақыятас, Беруний, Бозатаў, Хожели районлық филиаллары район халқына хызмет көрсетип келмекте.

Быйылғы жылдың есап бериў дәўиринде аймақлардан 92 мың 967 тонна турмыслық шығындылар алып шығылды ҳәм арнаўлы полигонларға алып барылды. Турмыслық шығынды полигонларындағы 35,1 гектар жерге шығындыларды көмиў жумыслары әмелге асырылды.

Шығындыларды көмиў ҳәм қайта ислеў кәрханалары тәрепинен 18 мың 882 тонна шығынды қайта ислеў ушын арнаўлы кәрханаларға жиберилип, оларды қайта ислеў дәрежеси 20,5 процентке жеткерилди.

Комитет тәрепинен аймақларда шығындыларды ўақытша топлаў майданшалары ҳәм контейнерлери бойынша өткерилген хатлаўлар нәтийжесинде 508 шығынды топлаў майданшасында, кәрхана ҳәм шөлкемлерде 2980 дана контейнердиң бар екенлиги анықланды.

Медициналық мәкеме ҳәм кәрханаларда пайда болған 31 тонна шығынды 46 стационарда утилизацияланды.

Социаллық тараў объектлеринде 1047 контейнер орнатылды. Сондай-ақ, 38 қурылыс шөлкемлери менен 13 миллион 965 мың сумлық шәртнамалар дүзилди.

Усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында әмелге асырылыўы белгиленген жойбар шеңберинде «Таза аймақ» МУК ға 26 арнаўлы техника алып келинди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-389-санлы қарарына муўапық, Нөкис қаласында 12 шығынды жыйнаў майданшаларын қурыў, Беруний ҳәм Шымбай районларында қурылыс шығындылары полигонын қурыў ушын жер майданлары таңлап алынды.

«Дүнья жүзилик шығындысыз күни» (30-март) ҳәм «Дүнья жүзилик қоршаған орталықты қорғаў күни» (5-июнь)не бағышланып өткерилген акцияларда Әмиўдәрьяның суўды қорғаў регионынан 10 тонна, «Дослық» каналы ҳәм Ашшы көлдиң суўды қорғаў регионынан 9 м3 турмыслық шығындылар алып шығылды.

Ҳәзирги ўақытта турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша хызметлери менен (Clean City системасында) республикамыздағы 424 пуқаралар жыйынындағы, жәми 242280 (65%) хожалық, соннан «Таза аймақ» МУК тәрепинен 8 райондағы 143 МПЖ дағы 83596 (62%) хожалық, Нөкис қаласында жумыс ислеп турған 6 кәрхана ҳәм 1 кластер тәрепинен 64 МПЖдағы 67343 (91%) хожалық, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик кәрханалар тәрепинен 8 райондағы жәми 217 МПЖ дағы 91033 (53%) хожалық қамтып алынған.

– Бул жумыслар қалай ҳәм қанша қаржы менен әмелге асырылатуғынлығын ҳәмме сезеди. Мийнетине жараса қаржы түсириў мәселелери қалай шешилмекте?

– 2023-жылдың январь-июль айларында санитар-тазалаў хызметлеринен, жәми 11 миллиард 262 мың сум пул түсирилди. Соннан, «Таза аймақ» МУК тәрепинен 4 миллиард 211 миллион сум, Нөкис қаласындағы кластерлер ҳәм жеке меншик кәрханалар тәрепинен 3 миллиард 596 миллион сум, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик кәрханалары тәрепинен 3 миллиард 454 миллион сум қаржы түсирилди.

Жасырарлығы жоқ, Қарақалпақстан Республикасы бойынша турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлерин көрсетиўден 2023-жылдың 1-январь жағдайына улыўма қарыздарлық 8 миллиард 845 миллион сумды қураған болса, 1-июль жағдайына 10 миллиард 197 миллион сумды қурап, 15,3 процентке артқан.

Санитар тазалаў орайының Қарақалпақстан филиалы тәрепинен қала ҳәм районларда 6 айдан аслам артық дәўирде пайда болған 643 абоненттиң 222 миллион 300 мың сумлық қарызын суд арқалы өндириў ушын таярланған материаллар, е-суд сайты арқалы даўа арза киргизилди ҳәм судтың буйрықлары шығарылған 166 абоненттиң 37 миллион 600 мың сумлық қарыздарлығы өндирилди.

Усы жерде хызметлерден пайдаланып атырған физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден, хызмет көрсетиўге берилетуғын төлемлердиң өз ўақтында әмелге асырылыўын сорап қалар едим. Бул нәрсе, хызметлеримиздиң сапасының еле де артыўына, материаллық-техникалық базамыздың беккемлениўине, жумысшыларымыздың мийнет ҳақыларына қосымша хошаметлеўлер берилиўине үлкен мүмкиншилик жаратар еди.

Бүгинги күнде санитар тазалаў хызметлери кәрханаларында, жәми 257 дана арнаўлы техника бар. Соннан, «Таза аймақ» МУК есабында 123, кластерлер менен жеке меншик кәрханалардың есабында 59, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик кәрханаларында 75 дана арнаўлы техника халыққа хызмет көрсетиўде нәтийжели пайдаланылмақта.

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, аймағымызда 28 мың 500 юридикалық шөлкем дизимнен өткерилген болып, олардан 5361 и менен шәртнамалар дүзилди ҳәм қамтып алыў дәрежеси 18,8 процентти қурамақта.

–  Экологиялық қадағалаў жумыслары қай дәрежеде

– Быйылғы жылдың алты айы даўамында комитеттиң экологиялық қадағалаў инспекциясы, районлық ҳәм қалалық бөлимлериниң шөлкемлестириўинде, атмосфера ҳаўасын, суў ҳәм жер ресурсларын, өсимликлер менен ҳайўанатлар дүньясын қорғаў, шығындылар менен байланыслы жумысларды тәртипке салыў мақсетинде 1205 мәрте рейд илажлары шөлкемлестирилди.

Усы илажлар даўамында анықланған ҳуқықбузарлықлар бойынша 1178 пуқараға 1 миллиард 34 миллион сумлық ҳәкимшилик жәриймалар қолланылды. Өсимликлер менен ҳайўанатлар дүньясына жеткерилген зыянды қаплаў ушын 266 пуқараға 895 миллион 712 сумлық даўа есапланды.

Пуқаралардан 4 дана аң аўлаў қуралы (мылтық), 4 дана балық аўлаў ушын арналған тор, 18 дана электрпышқы, балта ҳәм басқа да буйымлар алынып, тийисли уйымларға тапсырылды.

Арал тәбиятты қорғаў прокуратурасына ҳайўанатлар дүньясына жеткерилген 42 миллион сумлық зыянды көрип шығыў ушын 1 материал, жынайый ҳәм пуқаралық судларға ҳайўанатлар менен өсимликлер дүньясына жеткерилген 170 миллион 150 мың сумлық зыянды көрип шығыў ушын 18 материал өткерилди. Ал, 1 материал бойынша жынайы ис қозғатылып, суд қарары менен 292 миллион 600 сумлық зыян өндирилди.

Әмелге асырылып атырған жумыслардан кең жәмийетшиликти хабардар етиў мақсетинде телевидение, радио арқалы, газеталарда, интернет тармақларында турақлы түрде үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылмақта.

Халық арасында алып барылған кең көлемли экологиялық тәлим-тәрбия ҳәм түсиник жумысларының нәтийжесинде, нызамбузыўшылық жағдайлары өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 183 ке азайыўына ерисилди.

Мағлыўмат ушын, 2022-жылдың биринши ярым жыллығында 1471, быйылғы жылдың  биринши ярым жыллығында 1205 нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды.

Қоршаған орталықтың мониторинги бағдарламасына муўапық, 52 кәрхананың 222 дәрегинен алынған 509 үлги бойынша өткерилген анализлердиң нәтийжелерине бола, 14 кәрхананың 27 дәрегинде шығындылар муғдары белгиленген нормадан артық болғаны анықланды. 8 кәрханаға 20 миллион 331 мың сумлық компенсация төлеми есапланды.

Комитет ҳәм оның қалалық, районлық бөлимлери тәрепинен халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў, атмосфера ҳаўасын, суў ҳәм жер ресурсларын, өсимликлер менен ҳайўанатлар дүньясын қорғаў, шығындылар менен байланыслы жумысларды тәртипке салыў бағдарындағы илажлар даўам етпекте.

Сәўбетлескен: Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги