Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарарының тийисли қосымшасына муўапық “Қарақалпақстан Республикасында мәҳәллелердеги ишимлик суў тәмийинатында әмелге асырылатуғын қосымша илажлар бағдарламасы” орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленген еди.

Нөкис қаласы аймағында да режедеги жумыслар шеңберинде бир қатар әмелий илажлар даўам еттирилмекте.

Атап айтқанда, Әмиўдәрья мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Көреген, Қуўандәрья, Сарыкөл, Айтекебий, Тақыятас гүзары, Дәрья бойы 1, Дәрьябойы 2 көшелерине жәми 3,8 километр ишимлик суў тармақларында оңлаў жумыслары алып барылып атыр. Бул жумыслар жуўмақланғаннан соң 300 ден аслам хожалықтың ишимлик суў тәмийнаты жақсыланып, тармақлар жаңаланады.

Бул бағдардаға жумыслар Нөкис қаласының басқа да мәкан пуқаралар жыйынларында даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги