Ҳақыйқатында да, судлар тәрепинен ислерди кең жәмийетшилик ўәкиллери, халықтың қатнасыўында көрилиўи халықтың ҳуқықый санасын арттырыўға, жынаят ислениўиниң алдын алыўға, ҳуқықый саўатлылығын арттырыўға хызмет етеди.

Усындай мақсетте Хожели районының Саманкөл мәкан пуқаралар жыйыны имаратында көшпели ашық суд мәжилиси өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 169-статьясы 2-бөлими «в» бәнти менен айыпланған Ж.Н. ҳәм У.Ж.ларға тийисли жынаят иси ҳәм ЖКның 131-статьясы  2-бөлими менен айыпланған Н.Р. ға байланыслы жынаят иси мәҳәлле пуқараларының қатнасыўында көрип шығылды.

Көшпели суд мәжилисинде көрилген биреўдиң босанып кеткен ешкисин сойып, гөшин бөлисип алыў ҳәм жеңил тәбиятлы қызларға жигитлер менен жынысый қатнаста болыўларына шараят жаратып бериў сыяқлы жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға ишки ислер уйымлары менен халық биргеликте ат салысыўы кереклиги, сондай-ақ, жынаятшылыққа имкан беретуғын тийкарлар менен шараятлар ҳаққында сөз етилип, бундай иллетлердиң алдын алыў зәрүрлиги атап өтилди.

Урлық ислеген жасы 60 қа қараған Ж.Н. ҳәм У.Ж.ларға еки жыл мүддетке мийнет арқалы дүзетиў,  Н.Р. ға бир жылға еркинен шеклеў (үй қамағы) жазалары тайынланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги