2023-жыл – «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында алыс мәҳәллелерде жасайтуғын социаллық қорғаўға мүтәж жаслар, кем тәмийинленген шаңарақлар, жумыссыз ҳаял-қызларға әмелий жәрдем берилмекте. Буны мәмлекетимиздиң ең шетки, ең алыс, барыў қыйын болған аймақларынан бири Қарақалпақстан посёлкалық пуқаралар жыйыны мысалында да көриўимиз мүмкин.
Қоңырат районы Қарақалпақстан посёлкалық пуқаралар жыйыны Өзбекстан Республикасының ең шетки шегара аймағында жайласқан. Посёлкада бүгинги күнде 774 шаңарақта 3 мың 112 халық жасайды. ППЖ аймағында 2 улыўма орта билим бериў мектеби, 2 балалар бақшасы, 1 емлеўхана, 1 темир жолшылар ушын шыпакерлик амбулаториясы бар. Бир неше азық-аўқат, кийим-кеншек дүканлары, улыўма аўқатланыў орынлары посёлка халқына хызмет көрсетип келмекте. Посёлка орайындағы дийқан базарына ең шетки аймақта жайласқан болыўына қарамастан, турақлы түрде барлық азық-аўқат, палыз-овощь өнимлери жеткерип берилмекте. Қазақстан Республикасы менен шегаралас бул аўылда халықтың көпшилиги Газ магистрал қубырлары кәрханасында, темир жол мәкемелеринде жумыс ислейди.
Президентимиздиң қарар ҳәм пәрманлары тийкарында алып барылған илажлар нәтийжесинде бүгинги күнде посёлканың көриниси пүткиллей өзгерди. 2018-жылы посёлка «Абат аўыл» бағдарламасына киргизилип, қурылыс, оңлаў, көшелерге қум-щебень араласпасын ҳәм асфальт жайыў, жақтыландырыў жумыслары әмелге асырылды. Жаңадан көп қабатлы турақ жайлар салынып, посёлка қалалардан қалыспайтуғын көриниске енди.
Президентимиздиң басламасы менен елимиздиң халық билимлендириўи системасында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси бул аймақта да өз сәўлелениўин таўып, улыўма орта билим бериў мектеплеринде аўыл жасларының сапалы билим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылмақта. Пән муғаллимлери тәрепинен ҳәр қыйлы пән дөгереклериниң шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде мектептиң питкериўши жаслары арасында жоқары оқыў орынларына кириўшилердиң саны жылдан-жылға көбеймекте.
Посёлкада 10 ер ҳәм 20 ҳаял адамнан ибарат көше бийлери тайынланған болып, посёлка халқының аўызбиршилигин, тынышлығын сақлаўда тынымсыз жумыс алып бармақта.
Аймақта «Ҳаял-қызлар дәптери», «Темир дәптер», «Жаслар дәптери» арқалы пуқаралар жыйыны ҳәм секторлар тәрепинен халықтың мүтәж қатламлары есапқа алынып, олардың социаллық-экономикалық жағдайы үйренилди. Посёлкада «Темир дәптер»ге социаллық жәрдемге мүтәж 2 шаңарақ киргизилген болып, оларға ҳәр тәреплеме, мәнзилли жәрдем көрсетилмекте.
-Өмирлик жолдасым да, өзим де жумыссызбан, -дейди «Темир дәптер»де есапта турыўшы Өмиртай Қойшығулов. -Перзентим екинши топар майыбы. Перзентимизге дәри-дармақ алып бериўге, өзлеримиздиң де денсаўлығымызды тиклеўге мәҳәллемиз баслығы жәрдем берип келмекте.
-Бағыўшымыздан айрылып, үш қызым менен жалғыз қалдым, -дейди «Темир дәптер»ге киргизилген Дильфуза Атамуратова. – Бүгинги күнде үлкен қызым Бердақ атындағы ҚМУ да оқып атыр. Екинши қызым быйыл жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырды. Кишкене қызым мектеп оқыўшысы. Бизлерге бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясы тайынланып, тез-тезден материаллық жәрдемлер көрсетип келинбекте. Бундай жәрдемлери ушын мәҳәллемиз белсендилерине, ҳүкиметимизге айрықша миннетдаршылығымды билдиремен.
Посёлкадағы жаслар жетекшиси тәрепинен ҳәким жәрдемшиси менен биргеликте кәмбағаллықты қысқартыў, халқымыз, әсиресе, жаслар арасында жынаятшылықтың алдын алыў, олардың машқаласын шешиў, бес әҳмийетли басламаның орынланыўын тәмийинлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, бәнтликти тәмийинлеў мақсетинде ҳәким жәрдемшиси бир неше қыз-жигитлерге жеңиллетилген кредитлер алып берип, олардың кәсиплик көнликпелери раўажландырылды ҳәм исбилерменликке бағдарлаў жумыслары алып барылды. Өзин-өзи бәнт етиў ушын жасларға кепсерлеў аппаратлары, ҳаял-қызларымызға тигиў машиналары, нан писириў үскенелери алып берилгени жасларға көрсетилип атырған ғамхорлықлардың бир көриниси болмақта.
Социаллық жағдайы ҳәм турмыс шараяты аўыр, жумыссыз ҳәм жәмийетлик белсенди болмаған ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, социаллық қорғаў мақсетинде Қарақалпақстан посёлкалық пуқаралар жыйынында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, усы алыс мәҳәлледе жасап атырған ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў, оларға «Ҳаял-қызлар дәптери»н жүргизиў арқалы системалы түрде жәрдем бериў, ҳәр тәреплеме социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары көрилмекте.
Өткен жылы 63 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилип, басым көпшилигине өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде тигиў машиналары, жеңиллетилген кредитлер алып берилип, олардың бәнтлиги тәмийинленди. 2023-жылдың басынан берли болса, 94 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилип, олардың 11ине материаллық қаржылай жәрдем көрсетилди. 13 ҳаял-қызға жеңиллетилген кредит алып берилип, қалғанлары жәмийетлик жумысқа тартылған ҳалда бәнтлиги тәмийинленди.
Посёлкада исбилерменликти раўажландырыў, жумыссызлықты азайтыў, майыплығы бар жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў мақсетинде Үргенш Трансгаз кәрханасына қараслы Қарақалпақ магистрал газ қубырлары мәкемеси тәрепинен майыплығы болған жасларға кепсерлеў аппаратлары алып берилип, айырымларына емлениў ушын қаржылай жәрдем көрсетилди.
Посёлка турғынларының район орайына барып–келиў машқаласы да көрип шығылмақта. Бүгинги күнде Бухара-Нөкис-Бейнеў автомагистрал жолында ири оңлаў жумыслары алып барылмақта. Оңлаў жумыслары питкеннен соң, халықтың узақ жолы жақын болып, қыйыншылықлар сапластырылады. Уллы Жипек жолының еки бойында халқымызға хызмет ететуғын аўқатланыў орынлары, мийманханалар қурылып атыр. Буның өзи де посёлка халқын жумыс пенен тәмийинлеўде үлкен жәрдем болары сөзсиз.
– Бүгинги күнде инсан қәдирин улығлаў мәмлекетимиздиң ең шетки, ең алыс, барыў қыйын болған аймақларын да қамтып алмақта. Сизиң дәртиңизди тыңлайтуғын, машқалаңызды шешип беретуғын мәмлекет бар. Бүгин ҳәр бир мүрәжаттың сораўы, сорастырыўы бар екенлигин адамлар да, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары да терең сезинеди. Соңғы ўақытлары жәмийеттеги көплеген машқалалар халықтың мүрәжатларысыз-ақ басқышпа-басқыш шешилмекте, -дейди Қарақалпақстан посёлкалық пуқаралар жыйыны баслығы Қутлы Қошымбетова.
Орайдан узақ болған бундай аўыллардағы халықтың машқалалары өз шешимин таўып, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж инсанлардың бүгинги турмысынан разы болып жасап атырғаны Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген ўазыйпалар күтилген нәтийжелерди берип атырғанының әмелий көриниси болып табылады.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы