Республикамыз аймағында ҳаўа райының ысып кетиўи менен барлық аймақларда өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде бир қатар илажлар өткерилмекте.

Усы жылдың 10-июлинен 10-августына шекем «Өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша «Әҳмийетли 30 күн» илажы тийкарында «Тақыятас жыллылық электр станциясы» акционерлик жәмийетинде жумыс ислеўши хызметкерлердиң қатнасыўында 28-санлы өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўди шөлкемлестириў бөлими тәрепинен көргизбели ушырасыў өткерилди. Онда объект аймағында айрықша жағдай жүз бергенде бөлим менен бирге ислесиў, пуқаралар тәрепинен өрт жүз берместен алдын, жүз бергенде ҳәм өрттен соң әмелге асырылатуғын ҳәрекетлер түсиндирип өтилди.



Сондай-ақ, «Uz-Kor Gas Chemical» ЖШЖ қоспа кәрханасының жумысшы хызметкерлерине де үгит-нәсият илажлары шөлкемлестирилди. Кәрхана жумысшыларына басланғыш өрт өшириў қуралларынан пайдаланыў тәртиби үйретилип, өрттиң келип шығыў себеплери ҳаққында түсиник берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги