Қоңырат районының ҳәкими Б.Мадаминовтың гезектеги көшпели қабыллаўы болып өтти.

Көшпели қабыллаўлар пуқаралардың машқалаларын шешиўде үлкен әҳмийетке ийе болып, жумысты мәҳәлле кесиминде шөлкемлестирген сектор басшылары аймақларға барған ҳалда халықтың машқалаларын тыңлап, оларға шешим таппақта.

Әбу Әли ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумы 1-сектор штабында шөлкемлестирилген бул қабыллаўда ҳәким ҳәм оның орынбасарлары тәрепинен 50 ден аслам пуқаралардың ҳәр қыйлы социаллық, экономикалық, турмыслық ҳәм жеке мәселелери бойынша мүрәжатлары бирме-бир тыңланып, дизимге алынды.

Пуқаралар тәрепинен көтерилген мүрәжатлардың көпшилиги турақ жай кадастры хызмети, ишимлик суўы, электр энергиясы тәмийнаты, жолларды оңлаў, аймақтағы социаллық инфраструктура объектлери – аўыллық шыпакерлик поликлиникасы, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, дәрихана ҳәи исбилерменлик ушын кредит қаржыларын рәсмийлестириў, бәнтлик сыяқлы мәселелерден ибарат болды.

Сектор басшысы пуқаралар менен жүзбе-жүз ушырасып, мүрәжатлардың басым көпшилиги өз орнында шешимин тапқан болса, мәҳәлледе «тараўлар кесиминде», «мәҳәлле кесиминде» ҳәм «Пуқаралар кесиминде» жумыстың нәтийжелилигин арттырыў, анықланған социаллық мәселелерди сапластырыў бойынша райондағы сектор басшылары ҳәм тийисли уйымлардың жуўапкер хызметкерлерине тийисли тапсырмалар берилди.



Көшпели қабыллаў даўамында өз шешимин таппаған мүрәжатларды орынлаў ушын анық мүддет белгиленип, орынланыўы ҳәкимниң жеке қадағалаўына алынатуғыны атап өтилди.

-Бүгин өмиримдеги ең қуўанышлы күнлердиң бири, -дейди Санаат мәкан пуқаралар жыйыны турғыны «темир дәптер»де есапта турыўшы Гүлара Нуратдинова. – Шаңарағымыздың бағыўшысынан айрылғанымнан берли үш перзентимди жалғыз өзим бағып, оқытып атырман. Ҳәкимниң қабыллаўында турақ жай салыўға жәрдем бериўин сорап мүрәжат еттим. Мүрәжатым унамлы шешилип, қурылыс жумысларына жәрдем берилетуғын болды.

       Қарақалпақстан хабар агентлиги