Қоңырат районында да әҳмийетли сиясий процесс – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы ерте таңнан басланды.
Бул процесстиң жоқары дәрежеде ҳәм аўызбиршиликли түрде, нызамлы, қалыс ҳәм ашық-айдын өтиўин тәмийинлеў ушын Қоңырат районындағы 55 сайлаў участкасында зәрүрли шараятлар жаратылды. Болып атырған cайлаўда 74 мыңнан аслам сайлаўшылардың қатнасыўы нәзерде тутылған. Соннан 100и даўыс бериў процесинде биринши мәрте қатнасып атырған жаслар.
Райондағы cайлаў участкаларында даўыс бериў процесслерин онлайн түрде тиккелей бақлап барыў имканияты жаратылған. Районлық сайлаў өткериў комиссиясының мағлыўматына қарағанда, 1 мың 313 пуқара сайлаўда мүддетинен алдын даўыс берген.
Участкамызда сайлаў процесин жоқары дәрежеде өткериў, пуқаралардың еркин даўыс бериўи ушын ҳәмме шараят жаратылған, -дейди 318-участкалық сайлаў комиссиясының баслығы Әдилбек Аймағамбетов. –Аймағымызда 1 мың 713 даўыс бериўши дизимге алынған.
Районда дүзилген барлық сайлаў участкаларында даўыс бериў процеси қызғын даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги