Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университетиниң Нөкис филиалында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилди.

Онда филиал қәнигелери тәрепинен 2023-2024-оқыў жылында абитуриентлерди филиалға қабыллаўдың квоталары, тәлим түрлери ҳәм қабыллаўға байланыслы жаңалықлар бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, ең дәслеп филиал ашылған 2005-жылда 50 абитуриент қабыл етилген болса, бүгинги күнге келип, быйылғы 2023-2024-оқыў жылында қабылланыўы белгиленген абитуриентлердиң саны 900ден асып кетти. Соннан, филиал бакалавриатының күндизги тәлим түри бойынша жәми 515, сыртқы тәлим түри бойынша 300, аралықтан оқытыў тәлим түри бойынша 100, магистратураға 16 орын ажыратылған.

Бүгинги күнде филиалда «Компьютер инжиниринги»,  «Телекоммуникация технологиялары ҳәм кәсиплик тәлим» факультетлери, сыртқы бөлим ҳәм оның қурамында «Программалық инжиниринги ҳәм математикалық моделлестириў», «Информациялық технологиялар», «Информациялық қәўипсизлик», «Компьютер системалары», «Информациялық тәлим технологиялары», «Тәбийғый ҳәм анық пәнлер», «Телекоммуникация инжиниринги», «Цифрлы технологиялар ҳәм экономика» ҳәм «Өзбек ҳәм шет тиллери» кафедралары жумыс ислемекте.

Быйыл филиал бакалавриатының күндизги тәлим түринде «Электрон коммерция», «Жасалма интеллект», «Киберқәўипсизлик инжиниринги», сыртқы тәлим түринде «Цифрлы экономика» (тармақлар ҳәм тараўлар бойынша) «Информация қәўипсизлиги» (тараўлар бойынша), «Программалық инжиниринг» тәлим бағдарлары жаңадан ашылды.

Филиалдағы оқыў процеси заманагөй үскенелер менен тәмийинленген оқыў аудиторияларында алып барылады.

Баспасөз конференциясында қатнасыўшыларға филиалдағы жетискенликлер, оқыў процесслери туўралы да мағлыўматлар берилип, қатнасыўшылар студентлер ушын жаратылған шараятлар менен таныстырылып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.





Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги