Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёев 5-июль күни Ташкент қаласының сайлаўшылары менен ушырасты.

Ушырасыўды талабанның Ташкент қаласы бойынша исенимли ўәкили Рустам Калонов ашты. Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында гөззал пайтахтымызда да үлкен реформалар әмелге асырылғаны, Ташкент илим орайы ҳәм мегаполиске айланып, ҳәр тәреплеме раўажланып атырғаны атап өтилди.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёев өзиниң сайлаўалды бағдарламасы бойынша баянат жасады.

Талабан дәслеп келеси жети жылда пайтахтты «жасылландырыўға» байланыслы режелерине тоқтап өтти.

– Ҳәзирги күнде пайтахтымызда жасыл майданлар 900 гектарды қурады. Келеси жети жылда бул аймақты 5 есеге көбейтип, 5 мың гектарға жеткеремиз. Оның ушын қала бойлап ҳәр жылы кеминде 1 миллион саяманлы, мийўели нәллер ҳәм нәлшелер егиледи: ҳәр бир мәҳәлледе 1 мыңнан терек нәллерин егиў жумыслары даўам еттириледи; Яшнабад, Янгиҳаёт, Сергели ҳәм Мырза Улығбек районларында 4 мың гектар майданда жасыл ҳәм «тематикалық» бағлар қурылады.

Буннан тысқары, қала бойлап 100 километр велосипед жоллары, 32 сейил етиў орынлары, 30 жасыл аймақ ҳәм бағлар қурылады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Жаңа Ташкент аймағындағы 50 гектар майданда ири «Аквапарк» қурылысы, усы мақсет ушын 200 миллион доллар қаржы ажыратылыўы режелестирилип атырғаны мәлим етилди.

Сондай-ақ, талабанның атап өтиўинше, Жаңа Ташкент аймағында улыўма майданы 35 гектар болған жасалма көл шөлкемлестирилип, адамларымыздың мәдений дем алыўы ушын барлық шараят жаратылады.

Ташкент қаласында дизель жанылғысында ҳәрекетленетуғын автобуслар хызметинен пүткиллей ўаз кешетуғыны айтылды.

– Пайтахтта экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, оны таза ҳаўалы мегаполислерден бирине айландырыў жумысларын жеделлестиремиз. Соның ушын 2030-жылға шекем ҳаўаға шығарылатуғын зыянлы газлердиң муғдарын 150 мың тонна ямаса 50 процентке қысқартамыз. Соның ишинде, қосымша 1 мың 200 электробус алып келинеди ҳәм олардың жәмийетлик транспорттағы үлеси 50 процентке жеткериледи.

Қалған автобуслар зыянлы шығындысы үш есе аз болған тәбийғый газ жанылғысына өткериледи. Яғный, дизель жанылғысында ҳәрекетленетуғын ҳеш бир автобус қалмайды,-деди талабан.

Шавкат Мирзиёев Сергели, Бектемир ҳәм Янгиҳаёт районларындағы ақаба суўлар менен байланыслы экологиялық жағдайды жақсылаў бағдарындағы режелерине де тоқтап өтти.

– Хабарым бар, соңғы жыллары Сергели, Бектемир ҳәм Янгиҳаёт районларындағы ақаба суўлар менен байланыслы экологиялық жағдай халықтың көплеген ҳақылы наразылықларына себеп болмақта. Соны есапқа алып, күнине 1,5 миллион куб метр ақаба суў тазалаў қуўатлылығына ийе ең жаңа заманагөй имарат қурылады. Оған Бирлескен Араб Әмирликлери Абу-Даби раўажланыў қоры 240 миллион доллар инвестиция киргизиўге таяр,-деди талабан.

Ушырасыўда Дослық метро бәндиргисинен «Жаңа Ташкент»ке шекем жер үсти метро ямаса трамвай линиясы тартылыўы режелестирилип атырғаны айтылды.

Атап айтқанда, жол-транспорт басқарыўын санластырыў есабынан «қәўипсиз ҳәм тегис жол» принципин де кеңнен енгизиў белгиленген.

Онда, алдыңғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында тығылысты азайтыў мақсетинде:

– барлық кесилиспелерде (605) «ақыллы кесилиспе» ҳәм «ақыллы светофор» басқарыў системасы әмелге асырылады (ҳәзир – 64);

– қалаға киретуғын 5 орнында ҳәм жолаўшы ағымы жоқары болған 6 метро бәндиргиси әтирапында көп қабатлы автомобиль турыў орынлары шөлкемлестириледи;

– тығылыс жоқары болған көшелерде 12 жол өткизгиш қурылады, жоллардың бойында 3 мың орынға ийе заманагөй паркоматлар орнатылады.

– Халыққа және де қолайлық жаратыў мақсетинде Дослық метро бәндиргисинен «Жаңа Ташкент»ке шекем узынлығы 15 километр болған 115 мың жолаўшы тасыў қуўатлылығына ийе жер үсти метро ямаса трамвай линиясы тартылады,-деди талабан.

Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласының сайлаўшылары менен ушырасыўда Швецияда Қураны кәрим жағып жиберилгенине байланыслы жағдай ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

– Ҳәзирги ўақытта биз радикализм ҳәм экстремизмниң ҳәр қандай көринислерине, ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлардың диний қәдириятларына  ҳүрметсизлик көрсетиўге пүткиллей қарсымыз. Соның ишинде, жақында Швецияда жүз берген, муқаддес Қураны кәримди жағып жибериўдей жаўыз ҳәрекетлерди кескин қаралаймыз.

Жер жүзиндеги миллионлаған инсанлардың динин, ийгиликли сезимлерин жерге уратуғын бундай жағдайларға ҳасла жол қойып болмайды,-деди Шавкат Мирзиёев.

Сайлаўалды бағдарламасында келеси жети жылда мәмлекетимизде мәденият ҳәм көркем өнер, китапхана фондын қоллап-қуўатлаў, китапқумарлықты ғалаба ен жайдырыўға айрықша итибар қаратылған.

– Ҳәр жылы 100 ең жақсы көркем шығарма сондай-ақ, балалар ҳәм жас өспиримлерге мөлшерленген 50 көркем китаплар жаратыў ушын дөретиўшилик буйыртпа берилип, авторларға 100 миллион сумнан қәлем ҳақы төленеди. Бул китаплар 20 мың нусқадан басып шығарылып, мектеплер ҳәм китапханаларға бийпул бериледи. Оған ҳәр жылы 200 миллиард сум қаратамыз.

Сондай-ақ, келеси жети жылда китапханалардың 40 миллионға шамалас китап фонды толық санластырылады ҳәм олардың бирден-бир каталоги жаратылады. Улыўма, 2030-жылға шекем мәмлекетимиздеги барлық китапханалар толық оңланады. Усы мақсетте 500 миллиард сум ажыратамыз,-деди талабан.

Мектеп китапханашыларының мийнет ҳақысы педагог хызметкерлердиң айлығына теңлестирилиўи режелестирилип атырғаны мәлим етилди.

– Биз мәденият ҳәм көркем өнер тараўларының ўәкиллери, музей ҳәм китапханалар хызметкерлериниң мийнет ҳақысын жети жылда үш мәрте арттырамыз. Онда мектеп китапханашыларының мийнет ҳақысы педагог хызметкерлердиң айлығына теңлестириледи.

Сондай-ақ, 2030-жылға шекем мәденият ҳәм көркем өнер тараўларының ўәкиллери сондай-ақ, жазыўшылар ушын жаңадан қурылып атырған турақ жай массивлеринен 10 мың квартира жеңиллетилген шәртлерде бериледи,-деди талабан.

Ушырасыўда партия ўәкиллери ҳәм мийманлар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында Шавкат Мирзиёевтиң кандидатурасын қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти ҳәм басқаларды да соған шақырды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзА