Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-июнь күни экономикалық раўажланыў, нәтийжели басқарыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша кеңесгөй Сума Чакрабартиди қабыллады.

Мәмлекетимиздеги социаллық-экономикалық реформалар бағдарламасының тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, суў тәмийнаты тараўларындағы жаңаланыўлар көрип шығылды.

Өзбекстанда инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын буннан былай да жетилистириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Елимизде Халықаралық коммерциялық суд жумысын жолға қойыў бойынша көрилип атырған илажлардың барысы ҳәм Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў бойынша сөйлесиўлер процеси додаланды.

ӨзА