Усы жыл 20-июнь күни Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев тақыятаслы көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслар менен ушырасты.

Атап өтилгениндей, әзелден “Дослық қаласы” болған Тақыятас районында көплеген миллет ўәкиллери дослық, татыўлықта, аўызбиршиликли түрде жасап келмекте. Миллетлер аралық татыўлықты сақлаўда район халқы көпшиликке үлги бола алады.

Ушырасыўда жасларға жаратылып берилип атырған кең мүмкиншиликлер ҳәм шараятлар ҳаққында сөз етилди. Соның менен бирге усындай кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, теңлеслери арасында көпшиликке үлги болып киятырған жаслар көпшиликти қурап атырғанлығы атап өтилди.

Усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, жетискенликлерге ерисиўде аўызбиршилик, тынышлықты сақлаўдың тутқан орны да айрықша екенлиги атап өтилди. Соның менен бирге, миллетлер аралық татыўлықты сақлаў, аўызбиршиликтиң жоқары үлгисин көрсетиўде Тақыятас районының жаслары белсендилер қатарында болатуғынлығы айрықша тилге алынды.




Ушырасыў даўамында елимиздеги жасларға итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине алып шығылғанлығы, олардың өз қәбилетин жүзеге шығарыў ушын ҳәр қандай машқалаларын шешиў илажлары көрилип атырғанлығы кең түрде атап өтилди.

Өзиниң белсендилиги менен теңлеслери арасында үлги болып атырған тақыятаслы бир қатар жасларға ушырасыў соңында “Үмит ушқыны” көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.


Усындай ушырасыў Хожели районында да болып өтти.


Қарақалпақстан хабар агентлиги